Әдалатлы патша ҳәм уллы шайыр

16

Арқа-батыс әскерий округиниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында уллы бабамыз Зәҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған күниниң 543 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы академиялық музыкалы драма театры жәмәәти, филармония оркестри, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Илаж даўамында Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахналық көринислер қойып берилди. Театр жәмәәти тәрепинен атқарылған көркем композициялар уллы бабамыздың қурамалы, бирақ мақтанышлы өмир жолын жанлы сүўретлеп берди. Актёрлардың шебер атқарыўы тамашагөйлерди ХV-XVI әсирлер орталығына алып кирип, сол дәўирдиң тарийхый ҳәм мәдений көринислерин жанландырды.

Филармония оркестриниң атқарыўындағы классикалық нама-қосықлар илажға өзгеше руўх бағышлады. Ҳәр бир нама Бабур дәўириниң руўхый нәпесин еслетип, қатнасыўшыларда мақтаныш ҳәм толқынланыў оятты. Илажда Бабур тек ғана қүдиретли мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда сыпатында емес, ал нәзик талғамлы шайыр ҳәм терең ой ийеси сыпатында еске алынды.

Профессор-оқытыўшылар тәрепинен Бабур мийрасының тарийхый ҳәм әдебий әҳмийети терең талқыланды. Олар Бабурдың мәмлекетлик басқарыўдағы шеберлиги, дипломатиялық потенциалы, илим ҳәм мәдениятқа итибары ҳаққында сөз етти. Әсиресе, Бабур шахсында мәртлик ҳәм нәзик жүрек үйлескени айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги