Әҳмийетли мәселелер сөз етилди

2

Халықаралық ҳәм жергиликли грант жойбарларына қатнасыў, жеңип алыў усыллары, соның менен бирге IT жөнелиси ҳәм жасалма интеллекттен мақсетли пайдаланыў ҳәм турмысқа енгизиў мәселелери бойынша Хожели районында илаж  болып өтти.

Илажда Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы  аймақлық секторы баслығы Т.Баекеев,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси А.Досымбетов, тийисли тараў басшылары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда халықаралық ҳәм жергиликли грант жойбарларында қатнасыў, жеңип алыў ҳәм инвестиция киргизиў, соның менен бирге IT жөнелиси ҳәм жасалма интеллект ҳаққында көплеген мағлыўматлар берилди.

Буннан соң, район аймағында IT тараўында жаңа жойбарларды әмелге асырып, санлы хызметлердиң сапасын жақсылаўға өз үлесин қосып атырған бир қатар қәбилетли жасларға миннетдаршылық билдирилди.

                                                          Қарақалпақстан хабар агентлиги