Машқалалар үйренилип, тийисли тапсырмалар берилди

3

Хожели районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2026-жыл 5-январьдағы “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бирден-бир мәнзилли жумыс ислеў системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша исленген жумыслар көрип шығылып, сын көзқарастан додаланды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов қатнасып, районда жүз берген жәми жынаятлардың 68 процентин алдын алыў мүмкин болған жынаятлар қурайтуғыны, 26 мәҳәлледе шаңарақ-турмыс, қоңсышылық ҳәм басқа да қатнасықлар тийкарындағы социаллық-турмыслық түрдеги жынаятлар жүз бергенлиги ҳәм шаңарақлық зорлықлардың кескин артып кеткенлиги, оған себеп жуўапкерлер ҳәм мәҳәлле жетилиги нәтийжели ҳәм биргеликте жумыс алып бармағанлығы кескин сынға алынды.

Жуўапкерлерге социаллық профилактика жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, шаңарақ-турмыслық қатнасықлар шеңберинде жынаятларды, шаңарақлық зорлықлардың алдын алыўдың кескин илажларын көриў, жынаятлардың себеп ҳәм факторларын анықлап, ерте сапластырыў, социаллық профилактика илажларын күшейтиў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Буннан соң, районның “Жаңа жап” мәҳәллесинде болып, мәҳәлле жетилиги ўәкиллериниң қатнасыўында аймақта жүз берген жынаятлардың себеп ҳәм факторларын анықлап сапластырыўға қаратылған жумыслар, қарардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында ислеп шығылған “Жол карта”сы бәнтлериниң орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көзқарастан көрип шығылып, жынаятлардың ерте алдын алыў, профилактикалық илажларды нәтийжели шөлкемлестириў, жуўапкерлер ҳәм мәҳәлле жетилиги тәрепинен биргеликтеги жумысларды дурыс жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Шаңарақлық зорлықлар жүз берген шаңарақларда үйрениўлер алып барылды ҳәм шаңарақлық зорлықтан жәбир көрген балалардың жағдайынан хабар алынды, шараятлар, машқалалар үйренилди.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги