Бабур мийрасы түркий дүньяда: “Бабурнама”, “Түркий Бабуртаныў” ҳәм “Бабур шығармаларыныӊ сөзлиги”

Уллы ойшыл, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың мийрасы бүгин жаңа илимий ҳәм әдебий басқышқа көтерилмекте. Бабур шығармаларының түркий дүньяда кеңнен тарқалыўы, оларды заманагөй илимий тийкарда үйрениў ҳәм ғалабалық ен жайдырыў жолында үш әҳмийетли басылым – “Бабурнама”ның қырғыз тилиндеги аўдармасы, “Түркий бабуртаныў” бағдарындағы изертлеўлер ҳәм “Бабур шығармалары сөзлиги”ниң басып шығарылыўы айрықша әҳмийетке ийе.
“Бабурнама” бүгинги күнде дүньяның 20 дан аслам тилинде, 40 тан аслам вариантта бар. Шығарма бурын түрк, әзербайжан, уйғыр ҳәм қазақ тиллерине аўдарылған болса, енди ол қырғыз китапқумарларына да ана тилинде усынылды.
Шығарма қырғыз тилине қырғызстанлы бабуртаныўшы илимпаз, филология илимлери бойынша философия докторы Хосият Бекмирзаева тәрепинен аўдарылды. Китап Қырғызстанның “Ул-у тоолор” баспасында басып шығарылды.
Аўдарма процесинде қырғыз ҳәм өзбек илимпазларының кеңнен бирге ислесиўи жолға қойылды. Атап айтқанда, илимпаз ҳәм журналист Тўланбой Қурбонов және қырғыз жазыўшысы Абибилла Пазилов әдебий редакцияны әмелге асырды. Илимий шолыўшылар сыпатында профессор Кияс Молдақосимов, академик Нур Саралаев ҳәм профессор Сулайман Қайыпов қатнасты.
Қырғыз халық жазыўшысы, ТҮРКСАЙ бас хаткери Султан Раев китапқа кирис сөз жазған болса, филология илимлериниң докторы, бабуртаныўшы илимпаз Шуҳрат Ҳайитов жуўаплы редактор сыпатында жумыс алып барды ҳәм Бабурдың өмири және жумысына байланыслы әҳмийетли илимий-тарийхый мағлыўматлар бөлимин таярлады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Шуҳрат Сирожиддинов, “Бабур” халықаралық жәмийетлик фондының баслығы Зокиржон Машрабов, әдебияттаныўшы илимпаз ҳәм аўдармашы Зуҳриддин Исомиддинов, профессор Мақсуд Асадов ҳәм доцент Дилафруз Муҳаммадиева аўдарма редакторлаў процесинде қатнасты.
Бул аўдарма тек ғана әдебий қубылыс емес, ал түркий халықлар арасындағы илимий ҳәм мәдений жақынлықтың айқын үлгиси болып табылады. “Бабурнама”ның қырғыз тилинде басып шығарылыўы Бабур мийрасының түркий ой-пикир кеӊислигиндеги орнын және де беккемлейди.
Бабур мийрасының түркий дүнья көлеминде үйренилиўи ҳәзирги ўақытта айрықша илимий бағдар – түркий бабуртаныўшылық сыпатында қәлиплесип бармақта. Туўысқан мәмлекетлер илимпазларының биргеликтеги изленислери Бабур шығармаларын салыстырмалы-тарийхый, лингвистикалық ҳәм әдебий жақтан терең таллаў имканиятын бермекте.
Қырғыз тилиндеги “Бабурнама” басылымы мине усы илимий бағдардың әмелий нәтийжеси болып табылады. Бул процесс түркий халықлар әдебий мийрасының уқсас негизлерин ашып бериў, тарийхый-мәдений байланысларды беккемлеў ҳәм Бабур тулғасын улыўма түркий ой-пикир шеңберинде қайта талқылаўға хызмет етеди.
“Түркий бабуртаныў” шеңберинде әмелге асырылып атырған изертлеўлер тек ғана текстология ҳәм аўдармашылықты емес, ал тарийх, философия, тилтаныў ҳәм мәденияттаныў тараўларын да қамтып алмақта. Бул болса Бабур мийрасын энциклопедиялық қатнас тийкарында үйрениў имканиятын жаратады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарына муўапық басып шығарылған “Бабур шығармаларының сөзлиги” бабуртаныўшылықта әҳмийетли илимий ўақыя болды. Бул сөзликте “Бабурнама”, “Бабур дийўаны” ҳәм “Мубаййин” шығармаларындағы сөзлерге түсиник берилген.
Сөзлик Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының қәўендерлигинде “Әдебият” баспасында басып шығарылды ҳәм Бабур туўылғанының 543 жыллығына мүнәсип саўға болды.
Бул сөзлик Бабур шығармаларының тийкарғы сөзлик байлығын қамтып алған болып, заманагөй сөзликтаныў принциплери ҳәм тарийхый-филологиялық таллаў тийкарында дүзилген. Онда алдынғы сөзликлерде жазылмаған сөз ҳәм сөз дизбеклери киргизилген, айырым түсиниклерге анықлық киргизилген.
Бул басылым илимий хызметкерлер, филология факультетлериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, сондай-ақ, Бабур дөретиўшилигиниң кең китапқумарлары ушын мөлшерленген.
“Бабурнама”ның қырғыз тилинде басып шығарылыўы, түркий бабуртаныў бағдарының кеңейиўи ҳәм “Бабур шығармалары сөзлиги”ниң басып шығарылыўы Бабур мийрасының жаңа дәўирде және де тереңирек үйренилип атырғанынан дерек береди.
Бул басылымлар тек ғана әдебий мийрасты сақлаў емес, ал түркий халықлар арасындағы илимий ҳәм мәдений бирге ислесиўди беккемлеў, Бабур тулғасын улыўма жер жүзилик ой-пикир кеӊислигинде және де кеңирек көрсетиўге хызмет етеди.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы