Өзбекстанда авиажолаўшылар ағымы ҳәм рейслердиң бөлистирилиўи қандай?

Авиақатнаўлар мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўы, туризм потенциалы ҳәм халықаралық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Усы жағынан, авиақатнаўлардың көлеми ҳәм аэропортлардың жумысы мәмлекет раўажланыўының тийкарғы көрсеткишлеринен бири болып есапланады.
Өткен 2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстан авиация тараўы турақлы өсиў пәтлерин көрсетти ҳәм ишки ҳәм халықаралық авиақатнаўлар бойынша анық қәлиплескен системаға ийе екенин тастыйықлады. Аэропортлардың жумысы бойынша аналитикалық мағлыўматлар мәмлекетте қайсы аймақлар халықаралық авиақатнаўлардың әҳмийетли орайына айланғаны, қайсы аэропортларда болса ишки рейслер үстин екенин айқын көрсетеди.
Ташкент халықаралық аэропорты мәмлекеттиң тийкарғы авиация хабы сыпатында өз жетекшилигин сақлап қалмақта. Есап бериў дәўиринде бул жерде жәми 79 мың 958 рейс әмелге асырылған болып, соннан 62 мың 549ы халықаралық жөнелислерге туўра келеди.
Жолаўшылар ағымы 9 миллион 986 мың 445 ти қураған, олардың 86 проценттен асламы халықаралық рейслердиң үлесине туўра келеди.
Халықаралық тасыўлар көлеми бойынша екинши орында Самарқанд халықаралық аэропорты турады. Аэропорт арқалы 12 мың 130 рейс әмелге асырылған болып, соннан 10 мың 415 и халықаралық жөнелислер болып есапланады. Жолаўшылар ағымы 1 миллион 521 мың 158 ге жеткен болып, тийкарғы бөлегин халықаралық рейслер қураған.
Үргенш аэропорты тасыўлар структурасының салыстырмалы турақлылығы менен ажыралып турады. Бул жерде 6 мың 546 рейс әмелге асырылып, олар дерлик тең түрде ишки ҳәм халықаралық жөнелислер арасында бөлистирилген. Улыўма жолаўшылар ағымы 862 мың 522 ди қураған болып, халықаралық рейслер бираз үстинлик етеди.
Наманган аэропортында халықаралық рейслер анық үстин. 5 мың 755 рейстиң 87 проценттен асламы халықаралық жөнелислерге туўра келеди. Жолаўшылар ағымы 867 мың 367 ди қурап, соннан 819 мың 970 и халықаралық рейслерде ушқан. Ферғана аэропорты болса 5 мың 996 рейс ҳәм 693 мың 397 жолаўшыға хызмет көрсеткен болып, бул жерде де халықаралық тасыўлар үстинлик етеди.
Бухара аэропортында 5 мың 786 рейс әмелге асырылып, 574 мың 36 жолаўшы дизимге алынған.
Ишки рейслер жедел болыўына қарамастан, жолаўшылар ағымының тийкарғы бөлеги халықаралық жөнелислерге туўра келеди. Термиз аэропортында болса тийкарынан ишки тасыўлар әмелге асырылған болып, 3 мың 876 рейс арқалы 349 мың 227 жолаўшыға хызмет көрсетилген.
Нөкис аэропортында да ишки жөнелислер үстинлик етеди. 2 мың 827 рейс арқалы 330 мың 707 жолаўшы тасылған болып, олардың дерлик 74 проценти ишки рейслердиң үлесине туўра келеди. Әндижан аэропортында 808 рейс әмелге асырылып, 93 мың 964 жолаўшыға хызмет көрсетилген. Бул жерде халықаралық жөнелислердеги жолаўшылардың саны ишки рейслерге қарағанда жоқарырақ.
Қаршы аэропортында 2 мың 138 рейсте 176 мың 331 жолаўшы дизимге алынған. Наўайы аэропорты болса 49 мың 110 жолаўшыға хызмет көрсеткен болып, тасыўлар қурамында халықаралық рейслер салмақлы үлести сақлап қалмақта.
Келтирилген мағлыўматлар Өзбекстан авиация системасында тек ғана пайтахт емес, ал аймақлық аэропортлар да, әсиресе туристлик ҳәм шегара аймақларында, ишки ҳәм халықаралық авиақатнаўларды раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын көрсетеди.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА