Палўанларымыз командалық беллесиўде 3-орынды ийеледи
2
Наўайы қаласында миллий гүрес бойынша ересеклер арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан қатнасқан ҳәм 3 күн даўам еткен жарыстың ең соңғы күнинде улыўма командалар арасында беллесиў өткерилди.
Ерлер ҳәм қыз палўанлар араласып өз-ара гүрескен беллесиўде биринши орынды Ташкент қаласы командасы жеңип алған болса, гүмис медаль Бухара ўәлаятынан келген палўанларға несип етти.

Ал, сыйлы үшинши орынды болса, Сырдәрья ўәлаяты ҳәм республикамыз командасы жеңип алыўға миясар болды.
Жеңимпаз командамыз ҳәм оларды таярлаған тренерлерин бул жетискенлиги менен қызғын қутлықлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы