Жасырын экономиканы қысқартыў мәселелери додаланды

23

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында Салық комитети баслығының орынбасары У.Садуллаевтың қатнасыўында жеке қурам менен мәжилис өткерилди.

Мәжилисте жасырын экономиканы қысқартыў, рәсмий емес хызметкерлердиң жумысын легалластырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Дәслеп шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылдың 27-январь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде салық уйымларының алдына жасырын экономиканы қысқартыў бойынша анық ўазыйпалардың белгилеп берилгенлигин атап өтти.

Ушырасыў даўамында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Коррупция жағдайларына себеп болып атырған факторлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары додаланды. Атап айтқанда, ишки мийнет тәртип-қағыйдаларына әмел етпеў, жумыс нәтийжелилигиниң төменлеўи ҳәм дәмегөйлик сыяқлы иллетлер барлық ҳуқықбузарлықлардың тийкары екени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, жәмәәтте саламат орталықты қәлиплестириў ҳәм өз-ара биргеликте ислесиў белгиленген прогноз режениң орынланыўын тәмийинлеў менен бир қатарда коррупциялық жағдайлардың алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе.



Мәжилисте қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланып, ўазыйпалар келисип алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги