Әдиллик системасында маманлықты арттырыў – нәтийжели жумыс гиреўи

38

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасында видеоконференцбайланыс режиминде шөлкемлестирилген нәўбеттеги оқыў-семинары ҳәкимшилик судларда коммуналлық хызметлер – газ тәмийнаты, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы тараўында жүзеге келип атырған даўлы тартысларды көрип шығыў әмелиятына бағышланды.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьялары Г.Байназарова ҳәм А.Иматовлар тараўда ушырасып атырған машқалалар, әсиресе, есап-санақлардың дурыслығын анықлаў, қайта есаплаў мәселелери, шәртнамалық қатнасықлардан келип шығатуғын даўлы тартыслар, тәмийнатты нызамсыз үзип қойыў жағдайлары ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў менен байланыслы жағдайларды ҳәр тәреплеме додалады.

Бул бағдардағы даўлы мәселелер санының артып баратырғаны тараўда системалы анализлеўди талап етпекте. Атап айтқанда, хызмет көрсетиўши шөлкемлердиң қарар ҳәм ҳәрекетлериниң нызамлылығына ҳуқықый баҳа бериў, тутыныўшыларға жеткерилген зыянды анықлаў ҳәм әдил шешиў, есаплаў үскенелериниң жағдайы ҳәм дәлиллердиң исенимлилигин тексериў, нызамшылықта белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етилгенин үйрениў сыяқлы мәселелер айрықша әҳмийетке ийе.

Семинар даўамында суд әмелиятында ушырасып атырған түрли талқылаўлар ҳәм тартыслы жағдайлар бойынша өз-ара пикирлесип, бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди. Өйткени, коммуналлық хызметлер халқымыз турмысының ажыралмас бөлеги ҳәм социаллық турақлылықтың тийкарғы факторларынан бири екенин есапқа алған ҳалда, бул бағдардағы нызамлылықты тәмийинлеўде прокуратура уйымлары да айрықша орын ийелейди.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен бир қатар әмелий усыныслар ислеп шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги