Арал теңизи ултанында илимий тәжирийбе өткерилди

Соңғы жыллары Аралбойы аймағында жүзеге келген экологиялық машқалаларды илимий тийкарда шешиў, шөллениў процесслерин тоқтатыў ҳәм аймақтың тәбийғый турақлылығын тиклеў мақсетинде кең көлемли илимий-әмелий тәжирийбе жумыслары алып барылмақта.
Усындай илажлардың бири Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Нөкис инновациялық технологиялар институты ҳәм Ташкент химия-технология институтының илимпазлары ҳәм изертлеўшилери тәрепинен шөлкемлестирилди.
Илимий экспедиция Арал теңизиниң қурыған ултанында алып барылып, тийкарғы итибар шөл шараятына сәйкес, шорланыў ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы нәл түрлерин егиў ҳәм олардың бейимлесиўшеңлигин үйрениўге қаратылды. Көпшиликке мәлим болғанындай, Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде пайда болған жаңа шөл аймағы тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил Орайлық Азияның экологиялық турақлылығына айрықша тәсир етпекте. Сонлықтан бул аймақты көклемзарластырыў ҳәм биологиялық рекультивациялаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Усы илимий-әмелий илажда Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик А.Реймов ҳәм Ташкент химия-технология институты профессоры А.Эркаев – жас илимпазлар менен жақыннан пикирлести. Олар дала шараятында изертлеў методологиясы, топырақ анализиниң заманагөй усыллары, шөл аймақларында нәл жетистириў технологиялары және экологиялық мониторинг мәселелери бойынша өз тәжирийбелери менен ортақласты.

Жас изертлеўшилер ушын бул процесс тек теориялық билимлерди беккемлеў емес, ал әмелий көнликпелерди қәлиплестириў көзқарасынан да әҳмийетли мектеп ўазыйпасын атқарады. Илимий экспедиция даўамында жас илимпазлар топырақтан үлги алыў, дала бақлаўларын жүргизиў, лабораториялық анализлер ушын дәслепки таярлық процесслеринде белсене қатнасты. Бул баслама илим, билимлендириў ҳәм әмелият интеграциясының айқын үлгиси болып, Аралбойы аймағының экологиялық турақлылығын тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги