Орайлық Азия ҳәм Германия бирге ислесиўи раўажланады

13

Берлинде Германия Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы болып өтти. Тәреплер өз-ара байланыс жедел өсиў пәтин көрсетип атырғанын атап өтип, “Орайлық Азия – Германия” форматында шерикликти буннан былай да раўажландырыўға таяр екенлигин тастыйықлады.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, транспорт ҳәм транзит шынжырын беккемлеў және биргеликтеги энергетика жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Қатнасыўшылар турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў, соның ишинде, региондағы музлықлардың ериўи машқаласын шешиў бойынша ҳәрекетти муўапықластырыў әҳмийетли екенлигин бир аўыздан мақуллады.

Өз гезегинде, Штайнмайер ГФР Орайлық Азия мәмлекетлери менен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўден мәпдар екенин тастыйықлады.

С.Раҳимов, ӨзА