Фитосанитариялық илажлар бойынша нызамшылық халықаралық стандартларға муўапықластырылмақта

21

Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиўге байланыслы нызамлар дәслепки тәризде додаланды.

Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды қолланыў бойынша келисим талапларынан келип шыққан ҳалда фитосанитариялық илажлар бойынша нызамшылық халықаралық стандартларға муўапықластырылмақта.

Атап айтқанда, “Өсимликлер карантини ҳаққында”ғы нызамға фитосанитариялық қәўип-қәтерди таллаўға байланыслы жаңа норма киргизилип, фитосанитариялық қәўип-қәтерди таллаў Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны ҳәм оның тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленбекте.

Юридикалық тәреплерге фитосанитариялық зыянсызландырыў бойынша жумыс ушын шекленген мүддетке лицензия берилиўи ҳәм бул жумысты лицензиялағаны ушын мәмлекетлик бажы белгиленеди. Лицензияның атамасы ҳәм оның киши түрлери анықластырылыўы ҳәм бул жумысты әмелге асырыў ўақтында жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар муғдарының белгилениўин нәзерде тутатуғын нормалар киргизилмекте.

Нызам өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўын халықаралық стандартларға бейимлестириў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

“Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар енгизилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамда экологиялық жағдайды қадағалаў, халықтың саламатлығын жақсылаў, тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў менен бир қатарда мәмлекетлик экологиялық қадағалаў системасын жетилистириў ҳәм бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў илажлары нәзерде тутылған.

Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Буннан тысқары, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын аймақларда экологиялық жағдайды жақсылаў, экологиялық машқалаларды шешиў бағдарында жергиликли кеңеслер алдында турған әҳмийетли мәселелер бойынша оқыў семинары өткерилди.

Семинарда турақлы комиссия ағзаларының тараўға байланыслы нызамшылықтағы жаңалықлар, өзгерислер бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў, тараўға байланыслы нызамларды көрип шығыўда олардың пикирин есапқа алыў зәрүр екенлиги айтып өтилди ҳәм тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Норгул АБДУРАИМОВА,
 ЎзА мухбири