Өзбекстанлылар ең көп қайсы мәмлекетлерге оқыў мақсетинде барған?

40

Соңғы жыллары жаслардың сырт ел билимлендириўине қызығыўшылығы жоқары дәрежеде сақланып қалмақта.

Бирақ, 2025-жылдың жуўмақларына бола, сырт елде билим алыўды таңлаған өзбекстанлылардың саны белгили дәрежеде азайған. Миллий статистика комитети жәриялаған санлар бул бағдардағы жағдай қандай екенин айқын көрсетпекте.

2025-жыл даўамында 28 мың 954 Өзбекстан пуқарасы оқыў мақсетинде сырт елге барған. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 6,9 мыңға ямаса 19,3 процентке азайғаны атап өтилди.

Таллаўларға бола, өзбекстанлы жаслар билим алыў ушын ең көп Россияны таңлаған – бул мәмлекетке 6 мың 498 студент барған. Кейинги орынларда Тәжикстан (6 039 адам) ҳәм Қырғыз Республикасы (4 648 адам) дизимге алынған.

Сондай-ақ, Қубла Кореяға 3 мың 513, Түркияға 2 мың 496, Қытайға 1 мың 259, Қазақстанға 1 мың 97 студент барған.

Европа ҳәм Америка мәмлекетлери арасында болса Уллы Британия (886 адам), Германия (391 адам) ҳәм АҚШ (351 адам) өзбекстанлы студентлер ең көп барған мәмлекетлер сыпатында атап өтилди.

Мағлыўматларға қарағанда, 2025-жылы өзбекстанлылар билим алыў мақсетинде жәми 35 сырт мәмлекетке барған.

Ҳамроз Баянов, ӨзА