«Қарақалпақстан: кеше ҳәм бүгин»: таңлаў жеңимпазлары анықланды

55

Бүгин  Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында «Қарақалпақстан: кеше ҳәм бүгин» атамасындағы фотокөргизбе ҳәм фототаңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди.

Фототаңлаўдың тийкарғы мақсети — Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған реформаларды, инфраструктуралық өзгерислерди, жаслар басламаларын ҳәм мәмлекеттиң жаңа келбетин фото сүўретлер арқалы жәмийетшиликке жеткериў. Сондай-ақ, жас талантларды қоллап-қуўатлаў ҳәм фотография өнерине болған қызығыўшылықты арттырыў болып есапланады.

Таңлаў еки басқышта өткерилди. Биринши басқышта декабрь айында жәрияланған таңлаўдан соң, январь айының 27-сәнесине шекем фотографлардың дөретиўшилик жумыслары қабылланды. Екинши басқышта төрешилер тәрепинен ең жақсы деп табылған жумыслардан ибарат фотокөргизбе шөлкемлестирилди.

Таңлаўға 10 ға жақын фотосүўретшилер қатнасып, олардың жумыслары төрешилер тәрепинен баҳаланды. Нәтийжеде ең жақсы деп табылған сүўретлер көргизбеге усынылып, жеңимпазлар анықланды.

Өткерилген көргизбеде жумыслары жоқары баҳаланған 5 автордың Қарақалпақстанның бүгинги раўажланыўын, жаслардың белсендилигин, инфраструктуралық өзгерислерди ҳәм елимиздиң жаңа келбетин сәўлелендирген 80 нен аслам фотосүўретлери орын алды ҳәм таңлаў жуўмақлары бойынша биринши орынды Махсет Ҳәбибуллаев, екинши орынды Ислам Матеков, үшинши орынды Махмуд Шамуратовлар ийеледи.

Сондай-ақ, белсендилиги менен көзге тасланған ҳәўескер фотографлар Шахзада Хожамбергенова ҳәм Икрам Муратбаевлар сертификат ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бундай илажлардың өткерилиўи халқымыздың фотография өнерине болған қызығыўшылығын арттырыўға, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўға ҳәм Қарақалпақстанның бүгинги келбетин кең жәмийетшиликке танытыўға хызмет етеди.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги