Мәҳәллелердиң инфрастуртурасы үйренилди

37


Елимизде мәҳәллелерди раўажландырыў, ол жерде жасаўшы халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша бир қанша илажлар алып барылмақта. Бул бағдардағы жумыслар өз нәтийжелилигин берип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, мәҳәллелер абаданластырылып, жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли жәрдемлер көрсетилип келинбекте.

Алып барылып атырған жумыс нәтийжелилиги, мәҳәллелердеги инфраструктураны  үйрениў бойынша  тийисли тараў ўәкиллери Хожели районында “Мәденият”  ҳәм “Қырқыншы” МПЖ да  болды.

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығы Х. Бекчанов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С. Турмановлар Хожели районында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үйренди.

Жаңа Өзбекстанның заманагөй келбети мәҳәлледен басланатуғыны себепли оның инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, сондай-ақ, халықтың абаданлығына тәсир көрсетип атырған факторлар менен системалы ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

“Мәденият” ҳәм “Қырқыншы” МПЖ ларындағы әмелге асырылып атырған жумыслар сондай-ақ, исбилерменлердиң жумыс процесслери менен жақыннан  танысып, машқалалары тыңланды.



 Үйрениўлер даўамында  Президентимиздиң 2025-жыл 28-ноябрьдеги «Салықлардың жыйналыў дәрежесин арттырыў ҳәм белсенди салық төлеўшилерди хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәҳәлле ақсақаллары ҳәм жетиликке тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги