Қурылыс тараўындағы реформалар нәтийжеси

44

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң басламасы менен пресс-тур шөлкемлестирилип, онда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине Нөкис қаласындағы бир қатар ири қурылыс объектлери ҳәм инфраструктура жойбарлары таныстырылды.

Пресс-тур төрт бағдар бойынша өткерилди. Дәслеп “Нәўпир” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 285 квартиралы 3 көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс жумыслары көзден өткерилип, процесс ҳаққында ҒХҚ ўәкиллерине ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

– Жәмийетимиз тәрепинен жаңа қурылыс, реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылып атырған ҳәр бир объект бойынша өз алдына техникалық қадағалаўшы хызметкерлер бириктирилген болып, объектлерде жумыслардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатылған. Күнине 90 қурылысшы-хызметкеримиз күнди күн, түнди түн демей мийнет етпекте. Сондай-ақ, 10 техника жумысшыларымыздың мийнетин жеңиллетиў ушын таяр, – дейди “Fayz magnat” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң прорабы Батырбай Сейдабуллаев. – Объектлердиң белгиленген мүддетлерде пайдаланыўға тапсырылыўы тәмийинлеп барылады. Нәтийжеде 150 шаңарақ турақ жайға ийе болады. Майданы 47 ҳәм 53 квадрат метрли ықшам квартираларымыз тийкарынан еки бөлмели болып, олар орайласқан ысытыў системасы арқалы ысытылады.

Кейинги мәнзил “Көк өзек” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан орайласқан ысытыў системасы болды. Пресс-тур даўамында ысытыў системасының техникалық жағдайы, ыссылық тәмийнаты дәрежеси, ыссы суў менен тәмийинлеў мәселелери және халыққа үзликсиз ҳәм сапалы ыссылық жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди.

– 2025-жыл ноябрь айында иске қосылған бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги “2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып әмелге асырылған. Жойбар нәтийжесинде Нөкис қаласы “Көк өзек” мәҳәллеси аймағындағы 25 көп квартиралы турақ жай ҳәм 2 социаллық тараў объекти заманагөй ысытыў қазанханасы орнатылып, орайласқан ысытыў системасы менен тәмийинленди. Баҳасы 14 миллиард 852 миллион сумнан аслам болған объекттеги улыўма қуўатлылығы 12 мВт болған қазанханада 3 қазан ҳәм жер астынан өткен 3,5 километр узынлықтағы ыссылық тармағынан ибарат. Олар тәбийғый газ, сондай-ақ, газ болмағанда суйылтылған жанылғы менен ислейтуғын арнаўлы қазан жәрдеминде ысытылады, – дейди “Коммуналлық ыссылық тәмийнаты” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бас инженери Аймурза Ешмуратов. – Бундай орайласқан ысытыў системасы яғный қазанханалардың бүгинги күнде төртеўи Нөкис қаласында, бесеўи Әмиўдәрья, Елликқала, Қанлыкөл, Кегейли ҳәм Қараөзек районларында жумыс алып бармақта. Улыўма қуўатлылығы 48, 3 Гкал/саат болған 24 қазан ҳәм узынлығы 19,1 километр болған ыссылық тармақлары бар. Система жәрдеминде 69 көп қабатлы турақ жай (1 мың 298 квартира) ҳәм 29 көтере тутыныўшылар ыссылық энергиясы менен тәмийинленип келинбекте.

Журналистлер объект пенен танысыў процесинде гүзги-қысқы мәўсимде халық ушын қолайлы ҳәм турақлы ыссылық тәмийнатын тәмийинлеў бойынша қызықтырған сораўларына қәнигеден жуўап алды.

Пресс-тур қатнасыўшыларының гезектеги мәнзили Нөкис қаласы “Туран” мәкан пуқаралар жыйынындағы Туран стадионы болды. Бул мәнзилдеги танысыў стадионда әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары ҳәм алдағы режелерге қаратылды. Улыўма баҳасы 101 миллиард 846 миллион сум болған жойбардың нәтийжесинде Туран стадионы 12 мың тамашагөйге мөлшерленген, халықаралық стандартларға сәйкес, заманагөй инфраструктураға ийе спорт комплексине айландырылмақта. Бүгинги күнде “Nasaf mega stroy” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 59,5 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды.

Илаж қатнасыўшылары Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында болып, филиал имаратын жаңадан қурыў жойбары менен танысты. Бул жерде 45,2 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бүгинги күнге келип, “Топыраққала арнаўлы қурылыс” ЖШЖ тәрепинен 27,2 миллиард сумлық жумыслар орынланған.

Пресс-тур қатнасыўшылары Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған бир қатар үлкен дөретиўшилик жумыслары, халықтың турмысынан разы болып жасаўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында мағлыўмат алды. Жөнелислер бойынша белгиленген объектлер ҳаққында жетерли түсиникке ийе болды.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери