Қарақалпақстанда аймақлық мәлимлеме хызметлери ушын семинар-тренинглер даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы ҳәм ЮНЕСКО менен биргеликте шөлкемлестирилген оқыў семинарларының гезектеги басқышы Қарақалпақстан Республикасында болып өтпекте.
Бул семинарға Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район ҳәкимликлери, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң басшылары қатнаспақта.
Семинарда халықаралық дәрежедеги медиа экспертлер – Жоан Барата ҳәм Сергей Штурхесский тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың жәмийетшилик пенен ислесиў системасын халықаралық талаплар тийкарында жетилистириў бойынша баянатлар оқылмақта.
Сондай-ақ, оқыў курсларында аймақлық баспасөз хаткерлери ушын ўақыя-ҳәдийселерди оператив таллаў, халыққа анық ҳәм тийкарланған мағлыўматларды жеткериўдиң әмелий тәреплери додаланбақта.
Семинарларда мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралардың мәлимлеме алыў ҳуқықларын әмелге асырыўда мәлимлеме хызметлериниң ролин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Жергиликли ҳәкимликлер ҳәм шөлкемлердиң медиа мәкандағы белсендилигин арттырыў, ҒХҚ ҳәм блогерлер менен нәтийжели бирге ислесиў орнатыў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасылмақта.

Семинар даўамында қатнасыўшылар тек ғана теориялық билимлерди алып қоймастан, ал аймақтағы мәлимлеме сиясатын жүргизиўде жүзеге келип атырған әҳмийетли мәселелерди халықаралық экспертлер менен тиккелей талқыламақта.
Бундай оқыў шынығыўлары аймақлық мәлимлеме хызметлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, олардың жумысында жаңаша қатнасларды енгизиў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың халық пенен қарым-қатнасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Мағлыўмат ушын: оқыў семинарлары Қаршы ҳәм Термиз қалаларында даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги