“Бозжап” насос станциясында семинар өткерилди

10

Шоманай районында жайласқан “Бозжап” насос станциясында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жуўапкерлериниң қатнасыўында Ҳүкимет қарарлары ҳәм бағдарламаларында белгиленген реже-көрсеткишлердиң орынланыўы ҳәм келешектеги режелерди белгилеп алыў бойынша әмелий семинар болып өтти.

Семинарға “Суў хожалығы қадағалаўы” инспекциясы баслығының орынбасары З.Ирисбаев, Суў хожалығы министриниң орынбасары Т.Мадиреймов, сондай-ақ, насос станциясының баслықлары ҳәм жумысшы хызметкерлер қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы Н.Аралбаев шығып сөйлеп, насос станцияларында алып барылған жумыслар, яғный, насос станциясына ажыратылған электр энергиясын үнемлеў, электр двигательлерди турақлы қадағалаў ҳәм жаңа заманагөй энергия үнемлеўши қурылмаларды орнатыў және насос агрегатларын өз ўақтында оңлаў ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, басқарма қарамағында 221 насос станциясы ҳәм 481 насос агрегатлары бар. Соннан Шоманай районында 11 насос станциясы ҳәм 23 насос агрегатлары болып, 4288 гектарлық егислик жерлерге 2025-жылы 83.424 млн.м3 суў шығарылып, 3,711 млн кВт. саат электр энергиясы жумсалды.

2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде 5 насос агрегатын оңлаў режелестирилген болып, соннан 5 насос агрегаты толық оңланып шор жуўыў мәўсимине таяр жағдайға келтирилген. Сондай-ақ, районда 17 дана К500-7 маркалы насос агрегатын орнатыў режелестирилип, әмелде сегизи орнатылды.

Семинар шеңберинде жуўапкерлер насос станцияларында әмелге асырылған жумысларды орнына шыққан ҳалда үйренип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги