Трамп АҚШ миллий қәўипсизлиги ушын 1,5 триллион доллар ажыратпақшы

16

Қурама Штатлар президенти Дональд Трамп 2027-жылы мәмлекеттиң миллий қәўипсизлиги ушын 1,5 триллион доллар жумсаўды режелестирип атырғаны мәлим етилди. Бул ҳаққында Пентагон басшысы Пит Хегсет Мейн штатындағы кеме соғыў заводына сапары ўақтында атап өтти.

Оның сөзлерине бола, ажыратылатуғын қаржылар мақсетли ҳәм ақылға уғрас жумсалады.

Бизге белгили, өткен жылдың 19-декабрь күни Трамп Конгресс тастыйықлаған 2026-финанс жылы ушын Миллий қорғаныў ўәкилликлери ҳаққындағы нызамға қол қойған еди. Оған бола, 2026-жыл ушын әскерий бюджет 901 миллиард долларды қураған.

Ақ үйдиң билдириўинде айтылыўынша, бул бюджет Пентагонға “Күш арқалы тынышлық” стратегиясын әмелге асырыў, үлке қорғаныўын беккемлеў ҳәм әскерий-санаат базасын раўажландырыў имканиятын береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги