Өзбекстан – Түркия: жол инфраструктурасын раўажландырыўда бирге ислесиў

Жол инфраструктурасы мәмлекет экономикасы ҳәм транспорт системасында әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, жол қурылысы, оңлаў ҳәм техникалық стандартларды жетилистириўде халықаралық бирге ислесиў нәтийжели есапланады. Сырт еллердиң тәжирийбеси, заманагөй технологиялар ҳәм илимий қолланбаларды Өзбекстанда енгизиў арқалы жол инфраструктурасының қәўипсиз ҳәм турақлы раўажланыўы тәмийинленеди.
Түркия автомобиль жоллары Бас басқармасы (Karayolları Genel Müdürlüğü – KGM) баслығы Аҳмад Гулшан басшылығындағы делегация ўәкиллери Өзбекстанға келди. Автомобиль жоллары комитетинде делегация ағзаларының қатнасыўында бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Сөйлесиў даўамында Автомобиль жоллары комитетиниң баслығы Ж.Турсунов ҳәм комитет баслығының орынбасары А.Абдураҳмонов мәмлекетимиздеги автомобиль жоллары, олардың классификациясы, транскоридорлар, логистикалық локализациялар, бар техникалар, жол ҳәм көпирлерди қурыў, оңлаў ҳәм сақлаў жумыслары бойынша мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, оңлаў ҳәм қурылыс процесслерин әмелге асырыў мүддетлери, объектти экспертизадан өткериў тәртиби ҳәм барлық процесслерди алып барыўда жүзеге келген машқалалар бойынша да пикир алысылды.
Мийманлар Автомобиль жолларының техникалық жағдайын таллаў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлиги орайында да болды.

Тийкарғы жумыс бағдары автомобиль жолларының техникалық жағдайын таллаў, баҳалаў ҳәм санластырыў, пайдаланыўды шөлкемлестириў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм техникалық шәртлер бериў, үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын руқсатнама бериў, салмақ ҳәм көлем параметрлерин қадағалаў, мәмлекетлик кадастр ҳәм жол активлерин жүргизиўден ибарат болған бул Орай 2023-жылдан берли жумыс алып бармақта.

Ушырасыўда мийманларға автомобиль жолларында ҳәрекетленип атырған аўыр салмақлы ҳәм үлкен көлемли автотранспорт қуралларының салмағын өлшейтуғын көшпели ҳәм стационар тәрезилердиң жумысы, санластырыў ҳәм заманагөй диагностика техникаларының функциясына байланыслы мағлыўматлар усынылды.
Муҳайё Тошқораева, ӨзАның хабаршысы