Пресс-тур: медицина тараўындағы жаңаланыўлар ҳәм реформалар

39

Мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, халыққа заманагөй  ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен Нөкис районы  медицина бирлеспесине  ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында пресс- тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары 2021-жылы жаңадан қурып питкерилип, бүгинги күнде  халыққа сапалы ҳәм заман талаплары тийкарында медициналық хызмет көрсетип киятырған медицина  бирлеспеси имаратындағы  жағдайлар менен танысты.

Нɵкис район халқына медициналық жәрдем кɵрсетиў ушын бүгинги күнде амбулатор хызмет ушын 1 кɵп тармақлы орайлық поликлиника, 2 шаӊарақ поликлиникалары, 4 шаӊарақ шыпакерлик пунктлери ҳәм стационар жәрдем көрсетиў ушын 142 орынға ийе 1 орайлық емлеўхана хызмет көрсетип келмекте. Емлеў профилактика мәкемелеринде 105 шыпакер ҳәм 399 орта буўын хызметкерлери район халқына медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Илаж даўамында пресс-конференция шөлкемлестирилип, онда районлық медицина бирлеспеси баслығы Айбек Тажимуратов ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине алып барылып атырған жумыслар ҳәм жаратылған имканиятлар бойынша мағлыўматлар берди.

Илажда атап өтиўилинше емлеўханада заманагɵй шараятлар жаратлыўы менен бирге  медициналық әсбап-үскенелер, яғный наркоз, УЗИ, рентген аппарат, лабораториялық биохимиялық анализатор, микроскоплар менен тәмийинленген. Президентимиздиӊ тапсырмасы тийкарында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын бириктирилген  Самарқанд ўәлаяты тәрепинен медицина тараўына 1 млрд 100 млн. сум қаржы берилип, бул қаржыға амбулатор медициналық  хызмет тараўыныӊ жумысларын жақсылаў мақсетинде шанарақ поликлиникаларына 3  санитариялық автомашина алып берилди. Райондағы социаллық жәрдемге мүтәж турғынларынан “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген пуқаралардыӊ ишинен қурамалы қәнийгелестирилген операцияға  мүтәж наўқаслардан 19 наўқасқа Самарқанд ўәлаятынан келген  шыпакерлер тәрепинен операциялар бийпул исленген.

Сондай-ақ, шыпакерлердиң билимлерин жетилистириў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде Ташкент қаласына ҳәм сырт мәмлекетлерге барып келмекте. Усы тийкарында тәжирийбели ҳәм өз қәнигелигиниң жетик шыпакерлери район халқына медициналық хызмет көрсетип келмекте. Район медицина бирлеспесин санластырыўға өткериў барысында бир қанша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, 2025-жыл даўамында 99 дана компьютер, 55 дана планшет, 16 дана смарт телевизор, 4 дана принтер, 9 дана чек принтер, 12 дана модем ротор, 5 дана Веб-камера, 29 дана термопринтер, 36 дана 2D сканер, 4 дана ИНФОКИОСКлер менен тәмийинленди.         DMED программасы арқалы наўқаслар өзлериниң барлық медициналық анализлери, шыпакер нәўбетшилиги ҳаққында мағлыўматларға ийе болып отыратуғын болды.  Нәтийжеде қағазпазлықтан қутылыўға тийкар жаратылды.

Район медицина бирлеспесине қараслы кɵп тармақлы орайлық поликлиникада “Саламатлық”, “Фитнес” ҳәм “Саламат аўқатланыў” ханалары шɵлкемлестирилген.

Емлеўхана ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Япониядағы елшиханасы арқалы Япония мәмлекетинен 65000 долларлық көширмели портатив рентген аппараты грант тийкарында жақында алып келип орнатылыў режелестирилмекте.

-Терапия бөлиминде емленип атырман. Бул жерде жаратылған шәраятлар жүдә жақсы. Шыпакерлер, мийрибийкелер, физиотерапия бөлиминдеги хызметкерлерге алғысым шексиз. Барлық аппаратуралар таза, ханаларымыз жыллы. Халқымызға усындай имканиятлар  жаратып берип қойған Журтбасшымызға рахмет,-дейди биз бенен сәўбетте болған нураний апа Ш. Мырзабаева.

Ҳақыйқатында да, емлеўхананың бурынғы имаратында шараятлар жүдә ашынарлы жағдайға келип қалған еди. Көрип гүўасы болғанымыздай, барлық бөлимлер азада, жыллы, аппаратуралар таза. Әсиресе, туўыў бөлиминде ханалардың азадалығы, жыллы ҳәм заманагөй шараятлардың жаратылғанлығы итибарымызды тартты. Бул шәраятлар әлбетте елимизде Ана ҳәм бала саламатлығын сақлаў жолында исленип атырған реформалардың айқын дәлили есапланады.

-Көрип гүўасы болғанымыздай, бул жердеги жаратылған шараятлар жүдә жақсы. Санластырыў бойынша алып барылған жумыс нәтийжелилигин ҳәр бир бөлимде көрип гүўасы болдық. Заманагөй аппаратуралар шыпакерлердиң диагноз қойыў ҳәм емлеў ислеринде жақсы нәтийже берери сөзсиз. Пресс-турда биз районлық медицина бирлеспесинде алып барылып атырған жумыслардың жақсы жолға қойылғанлығының гүўасы болдық,-дейди “Еркин Қарақалпақстан” газетасының  арнаўлы хабаршысы Гүлнара Жүгинисова.

Илаж соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға  қәнигелер тәрепинен тийисли жуўап берилди.

                                  Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги