Өзбекстан ҳәм Тәжикстан: өз-ара қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди, сиясий қарым-қатнас жеделлести

Олий Мажлис Сенатына Тәжикстан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Исматулло Насридин келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгени, сиясий қарым-қатнастыӊ жеделлескени, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.

Парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги басламаларды алға қойыў ҳәм халықаралық парламент майданында сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Бул бағдарда аймақлараралық қатнасықларды және де жеделлестириў ҳәм парламентлер жоқары палаталарының бирге ислесиўи бойынша комиссиялардың әмелий бағдарламаларында да жергиликли кеңеслер менен байланысларды беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Н.Абдураимова, ӨзА