Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў – әҳмийетли ўазыйпа

22

Қарақалпақстан Республикасында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары сыпатында турақлы итибар орайында. Усы мәселеде Нөкис қалалық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң баслығы Замир Джиемуратов пенен сәўбетлестик:

2026-жылдың 3-январь күни Президентимиз басшылығында болып өткен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм быйылғы жыл ушын әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилисиндеги белгилеп берилген ўазыйпалар ҳаққында тоқтап өтсеңиз. Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, бул процесте Нөкис қалалық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң белсене қатнасыўына ерисиў мәселелери ҳаққында пикирлериңизди билдирсеңиз.

– Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, мүтәж халық ўәкиллериниң мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар нәтийжелерге ерисилмекте. Атап айтқанда, қала аймағында усы мәселе бойынша 2025-жыл даўамында 5 мың 896 пуқара мүрәжат еткен болып, соннан 4 мын 782 пуқара турақлы жумыс орынларына жайластырылды.

Қаламыздағы жумыссыз 1 мын 408 пуқара өзлериниң қәлеўи бойынша ҳәр қыйлы кәсиплерге қайта оқытылды.

Социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын 168 пуқара турақлы жумысқа ийе болды.

Қала ҳәкимлигиниң басламасы менен 2025-жылдың май айынан баслап пилот жойбары (сынаў) тийкарында “CALL CENTER” өз жумысын баслаған еди, мине, бүгинги күнге шекем қалада ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў кәрханалары, жеке исбилерменлик субъектлеринен жәми 1 мын 37 жаңа жумыс орынлары анықланды.

Бул жойбардың иске түсиўи нәтийжесинде қаламыздағы 800 ге шамалас жумыссыз пуқараларымыз дәрамат табыў ушын нызамлы түрде жумысқа орналасыўға еристи.

2025-жыл басында қалада жумыссызлық дәрежеси 5,5 процент болған болса, жыл соңында 4,6 процентке түсти, кәмбағаллық дәрежеси жыл басында 8,7 процент болған болса, 11 айдың жуўмағы менен 4,3 процентке түскенин көриўимиз мүмкин.

Бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў халықтың абаданлығын және де арттырыўда әҳмийетли болып табылады. «Индивидуал режелер» тийкарында 2 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў илажлары көриледи ҳәм буның нәтийжесинде жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежесин 3 процентке түсириўди режелестиргенбиз.

Енди сораўыңызға келсек, видеоселектор мәжилисинде Президентимиз әмелдеги имканиятларды иске салыўда ҳәкимлер ҳәм “мәҳелле жетилиги”нде методикалық билим ҳәм әмелий тәжирийбе жетиспеўшилиги, жуўапкер министрлик ҳәм мекемелер болса оларға жеткиликли дәрежеде көмеклеспей атырғанлығына айрықша сын пикир билдирди. Мәжилисте әмелдеги жыл ушын 1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты камбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан аўлақ мәҳәллелердиң санын 2,5 есе арттырып, 3,5 мыңға жеткизиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке түсириў ўазыйпалары белгилеп берилди.

Нөкис қаласында 2026-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў арқалы 7 мың 666 пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.

Соннан, инвестициялық жойбарлар есабынан 1 мың 224 пуқараны, хызмет көрсетиў есабынан 2 мың 6 пуқараны, қурылыс тараўында
271 пуқараны, бос жумыс орынларына 1 мың 296 пуқараны, «Уйчи» тәжирийбеси тийкарында 2 мың 870 пуқараны тәмийинлеў, сондай-ақ, рәсмий емес секторда бәнт болған шахслар ҳәм исбилерменлик субъектлери жумысын легалластырыў арқалы 4  мың 662 жасырын жумыс орынларын легалластырыў нәзерде тутылған.

Социаллық қорғаўға мүтәж, турмыс шараяты аўыр болған жәми 580 шаңараққа бириктирилген 116 республика ҳәм қалалық дәрежедеги басшылар тәрепинен усы шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, оларға әмелий жәрдем көрсетиледи.

2026-жыл аймақлық инвестиция жойбары шеӊберинде
2,6 триллион сумлық 100 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде
2 мың 600 жаӊа жумыс орынларын жаратыў режелестирилмекте.

– Мәжилисте быйылғы жылы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум кредит ажыратылатуғынлығы атап өтилди. Бундай көлемли ресурслар қандай шәртлер менен бериледи?

– Нөкис қаласында 2025-жыл басынан қала аймағында 1 мын 78 жаңадан киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилди. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 337 ге көбейгенин көрсетеди. Яғный, 2024-жыл 741 жаңадан киши бизнес субъектлери дүзилген. 2025-жыл 1-декабрь жағдайына бола, жәми Нөкис қаласында дизимнен өткен киши бизнес субъектлериниң саны 7 мың 314 ти қурамақта.

2025-жыл “Мәҳәлле кесиминде” жойбарларынан 27 млрд 541 млн. сумлық жәми 810 жойбар иске түсирилип, соның нәтийжесинде 1 мын 621 жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан басқа “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы бойынша 4 мын 512 юридикалық ҳәм физикалық шахсларға 55 миллиард 193 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылып берилди.

Инвестиция тараўында Аймақлық инвестиция жойбарлары шеңберинде 2025-жылы Нөкис қаласында улыўма баҳасы 2 триллион сумлық 119 инвестициялық жойбарды иске қосыў режелестирилген еди. Әмелде болса, реже артығы менен орынланып, 2,3 триллион сумлық 126 инвестициялық жойбар пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде қалада 2 мың 577 жаңа жумыс орны жаратылды.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, Ҳүрметли Президентимиздиң 213-санлы пәрманы тийкарында қаламызда 195 инвестициялық жойбарға 416 миллиард сум муғдарында жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.

Сондай-ақ, 129-санлы пәрманға муўапық 266,4 миллиард сумлық 12 жойбарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында 10,1 гектар жер майданы исбилерменлерге туўрыдан-туўры ажыратып берилди.

– Енди 2026-жылы әмелге асырылатуғын режелериңиз ҳаққында қысқаша тоқтап өтсеңиз.

– Бириншиден, коммерциялық банк филиаллары ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен ҳәр бир мәҳәлледе 40 микро жойбардан, жәми 2 мың 840 микро жойбарларды иске түсириў, екиншиден, республика бюджети есабынан 24,8 миллиард сум қаржыландырыў есабынан 4 «драйвер» жойбарды әмелге асырыў арқалы жаңадан 33 исбилерменлик субъектин шөлкемлестириў, 630 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жылына 7,9 миллиард сум муғдарында бюджетке қосымша салық түсимлерин түсириў, үшиншиден, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў мақсетинде жәми 2,3 триллион сум ҳәм Бағдарламалар шеңберинде
267 миллиард сум кредит қаржыларын ажыратыў режелестирилген.

Атап айтқанда, “Шаңарақлық исбилерменлик” бағдарламасы шеңберинде 60 миллиард сум, “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” бағдарламасы шеңберинде
122 миллиард сум, “Бизнеске биринши қәдем” бағдарламасы шеңберинде 85 миллиард сум кредитлер ажыратылыўын тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Төртиншиден, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў арқалы 7 мың 666 пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, бесиншиден, рәсмий емес секторда бәнт болған шахслар ҳәм исбилерменлик субъектлери жумысын легалластырыў арқалы 4 мың 662 жасырын жумыс орнын легалластырыў барысында ўазыйпаларды белгилеп алғанбыз.

Улыўмаластырып айтқанда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар 2026-жылда да үзликсиз даўам еттирилип, ҳәр бир мәҳәлле ҳәм ҳәр бир шаңарақ кесиминде мәнзилли қатнас тийкарғы әҳмийетли ўазыйпа болып қалады.

Сәўбетлескен:

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы