“UZBUILD -2026” халықаралық көргизбеси ислеп шығарыўшыларды бирге ислесиўге шақырмақта

Пайтахтымыздағы “Өзэкспоорай” миллий көргизбелер комплексинде “Қурылыс – UzBuild 2026” 27-Өзбекстан халықаралық көргизбеси ашылды.
Өзбекстан қурылыс ҳәм интерьер ҳәптелиги шеңберинде өткерилип атырған бул көргизбеде Өзбекстан, АҚШ, БАӘ, Германия, Грузия, Испания, Италия, Корея Республикасы, Латвия, Мальта, Әзербайжан сыяқлы 22 мәмлекеттен 450 компания қатнаспақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул көргизбе жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлерин бир мақсет жолында бирлестириў, өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

“Iteca Exhibitions” халықаралық көргизбе компаниясы ҳәм оның шериги “ICA Eurasia Group” тәрепинен шөлкемлестирилген бул ҳәптелик шеңберинде “Қурылыс үскенелери ҳәм технологиялары – BuildTech 2026” қәнигелестирилген бөлими ҳәм Өзбекстан қурылыс санааты халықаралық конференциясы да шөлкемлестирилди.
“Iteca Exhibitions” халықаралық көргизбе компаниясы бас директорының орынбасары Айымхан Бабажанованың сөзлерине бола, қурылыс санааты аймақлардың экономикалық раўажланыўында әҳмийетли роль атқарады ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўын тәмийинлейди.
– Бүгинги күнде қурылыс тараўы Өзбекстан экономикасының жетекши тармақларынан бирине айланды. Бул тармақ жалпы ишки өнимниң 7 процентин қурамақта. Оның турақлы өсиўи қурылыс материаллары санаатының жедел раўажланыўына түртки болды. Бундай үлкен көлемдеги қурылыс жумысларын табыслы әмелге асырыў, “Жаңа Ташкент” ҳәм “Жаңа Өзбекстан” сыяқлы ири жойбарларды жүзеге шығарыў ушын инновациялық материаллар ҳәм шешимлерден пайдаланыў талап етиледи. “UzBuild” көргизбесиниң тийкарғы мақсети де кең көлемли ҳәм инновациялық қатнасларды көрсетиўден ибарат. Бул процесс қатнасыўшылар географиясының кеңейиўи, көрсетилип атырған өнимлер ҳәм технологиялар сапасы және түрлериниң избе-из өсип атырғаны менен тастыйықланады, – деди О.Бобожонова.

Қатнасыўшылар арасында қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылардың саны сезилерли дәрежеде артып атырғанын атап өтиў керек. Олар ҳәзирги ўақытта ишки базардың өсип баратырған талапларын табыслы қанаатландырып, жедел бәсеки шараятында жаңа сырт ел базарларына шықпақта.
Көргизбеде 80 нен аслам жергиликли ислеп шығарыўшылар газобетон блоклар, сендвич панельлер, тас буйымлар, қурылыс химиясы, айна ҳәм есиклер, пол қапламалары, лифтлер ҳәм эскалаторлар, фасад системалары сыяқлы өнимлери менен қатнасыўшылардың итибарын тартпақта.
Еслетип өтемиз, көргизбе 12-февраль күни өз жумысын жуўмақлайды.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,ӨзА