Өзбекстанда 3D биопринтер ушын жергиликли био-сыя жаратылды

28

Бул ҳаққында Инновациялық раўажланыў агентлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. Атап өтилиўинше, мәмлекетимизде инсан ағзаларын 3D биопринтер тийкарында басып шығарыў имканиятын жаратыў жолында әҳмийетли илимий нәтийже қолға киргизилди. Өзбекстан Илимлер академиясы Өсимлик элементлери химиясы институтының изертлеўшиси Олимжон Бойматов тәрепинен биопринтерлер ушын зәрүр болған био-сыяны жергиликли өсимликлер тийкарында алыў усылы ислеп шығылды.

Қәнигениң атап өтиўинше, инсан организмине сай, қәўипсиз ҳәм экономикалық жақтан қолайлы био-сыя жаратыў мәселеси узақ жыллар даўамында әҳмийетли болып келген. Илимий излениўлер нәтийжесинде бул бағдарда белгили жетискенликлерге ерисилген болса да, әмелий жақтан кеңнен қолланыў мүмкин болған нәтийжели шешимлер жетерли емес еди.

Илимпаз бул изертлеўлерин және де тереңлестириў мақсетинде Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген стажировка бағдарламасы шеңберинде Германиядағы Лейпсиг университетинде илимий жумыслар алып барды. Ол жерде заманагөй биопринт технологиялары, сондай-ақ, гидрогеллер таярлаўдың жаңа усыллары үйренилди ҳәм сол тийкарда жаңа қурам жаратыўға ерисилди.

– Елимиз илимпазлары инсан организмине толық сәйкес келетуғын, зыянсыз соның менен бирге баҳа жағынан да әдеўир арзан, жергиликли шараятта ислеп шығарыў мүмкин болған био сыя жаратыў бойынша узақ жыллардан берли излениўлер алып барып атырған еди. Жыллар даўамында алынған нәтийжелер биз күткениндей нәтийжели болмаған. 2024-жылы Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен жәрияланған стажировка таңлаўында қатнастым ҳәм Германияның абырайлы Лейпсиг университетинде заманагөй биопринт технологиялары ҳәм гидрогеллер алыў бойынша жаңа усылларды үйрендим. Нәтийжеде инсан ағзаларын 3D биопринтерде басып шығарыў имканиятын беретуғын био-сыя бойынша унамлы жуўмақлар алдым. Жаңа гидрогель қурамы жергиликли өсимликлер полисахаридлеринен ибарат болып, онда инсан клеткалары – iMSC жасай алады ҳәм раўажланады. Бул болса инсан денесине жат болмаған, тез бейимлесиўши ҳәм қәўипсиз жасалма ағзалар. Бул болса инсан денесине жат болмаған, тез бейимлесиўши ҳәм қәўипсиз жасалма ағзалар ҳәм тоқымаларды басып шығарыўда әйне мақсетке муўапық, – деп атап өтти Олимжон Бойматов.

Жаңа гидрогель жергиликли өсимликлерден алынған полисахаридлер тийкарында таярланған болып, инсан клеткалары ушын қолайлы орталық жарата алады. Бул болса жасалма тоқыма ҳәм органларды басып шығарыў процесинде материалдың биологиялық сәйкеслиги ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Бул қолланба Интелектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен көрип шығылып, унамлы жуўмақ берилген ҳәм ҳәзирги ўақытта оны патентлеў процеси даўам етпекте.

Бизге белгили, бүгинги күнде дүньяда орган трансплантациясына мүтәж наўқаслардың саны артып бармақта. Донор табыў имканияты шекленгени себепли, биопринт технологиялары медицинаның перспективалы бағдарларынан бири сыпатында қаралмақта. Ҳәзирге шекем алып барылған изертлеўлер қан тамырлар, тери ҳәм шемиршеклер, қалаберсе жүрек, баўыр ҳәм бүйректи усы усылда басып шығарыў мүмкин екенлигин тастыйықлаған.

Хабарда атап өтилгениндей, жергиликли шийки зат тийкарында био-сыя ислеп шығарыў келешекте донорлық ағзаларына болған мүтәжликти қысқартыў, көплеген наўқаслардың өмирин сақлап қалыў ҳәм мәмлекетимиз  илимди ҳәм медицинаның раўажландырыўына салмақлы үлес қосыўы мүмкин.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА