Жаңа өмирге берилген имканият

Әмиўдәрья районындағы “Янгиобод” мәкан пуқаралар жыйынында Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы Ж.Балтабаев басшылығында көшпели суд мәжилиси өткерилди.
Суд мәжилисинде жазаны өтеў даўамында дүзелиў жолына өткен, белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел еткен ҳәм ҳадал мийнет еткен 8 шахсқа инсаныйлық принципи қолланылып, олар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкарланып жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.
Атап өтилгениндей, мүддетинен алдын шәртли азат етиў – бул тек жеңиллик емес, ал исеним ҳәм жуўапкершилик болып есапланады. Азат етилген шахсларға бул қарар олар ушын жаңа имканият екени, усы дәўир даўамында нызам талапларына қатаң әмел етиў зәрүр екенлиги түсиндирилди. Сондай-ақ, өтелмей қалған жаза мүддети даўамында билқастан және жынаят ислеген жағдайда, Жынаят кодексиниң 60-статьясына муўапық жаза илажлары қосылып, буннан да аўыр жаза қолланыў мүмкинлиги ҳаққында ескертилди.


Өткерилген бул көшпели суд мәжилиси мәмлекетимизде әдиллик ҳәм адамгершилик принциплериниң айқын көриниси екенлигин және бир мәрте көрсетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги