Пресс-тур: Шымбай районында исбилерменлик жойбарлары ҳәм жаңа жумыс орынлары

19

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Шымбай районында республикамыз ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Пресс-тур шөлкемлестирилди.

Ең дәслеп журналистлер аймақ халқының бәнтлигин тәмийинлеп, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлап киятырған акционерлик коммерциялық «Агробанк», «Халық банк» ҳәм «Микрокредитбанк»лердиң Шымбай районы филиалларында болып, ол жерлерде тутыныўшылар ушын жаратылған шараятлар ҳәм соңғы жыллары исбилерменлерге жаратылып  атырған қолайлықлар менен жақыннан танысты.

– 2025-жылы филиалымызға бириктирилген 6 мәҳәлледе жасаўшы, үй шараятында ѳз исбилергенлигин жолға қойыў мақсетинде, ѳзин-ѳзи бәнт еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша «Бизнеске биринши қәдем», «Бизнеске көмек» ҳәм «Мәҳәлле жойбары» бағдарламасына тийкарында 8 663 млн сум кредит ажыратылып, буның нәтийжесинде 342 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди, – дейди акционерлик коммерциялық «Агробанк» Шымбай районы филиалы баслығы Рустем Садықов. – «Уйчи» тәжирийбеси тийкарында жыл даўамында район аймағында исбилерменлер ҳәм пуқаралар менен 36 мәрте ушырасып, оларда 93 мүрәжат өзиниң унамлы шешимин тапты. Ал, «Сайхунобод» тәжирийбеси тийкарында 281 дана микрожойбарлар шөлкемлестирилип, 314 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

– Негизи Хорезм ўәлаятының Ханқа районынанбыз, – дейди усы банк қарыйдары Юсупбай Кабулов. – Өткен жылы «Агробанк»тиң Шымбай районы филиалынан «Кабуловлар оиласи» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 70 сотых жерге ыссыхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке 1 млрд сум 14 процентли жеңиллетилген кредит алдық ҳәм өз жумысымызды басладық. Соннан 2025-жылдың март ҳәм август айларында ыссыханамызға помидор-қыяр нәллерин егип, оннан дийдиленгендей өним алыўға еристик. Соңынан сол егинлерден тапқан дәраматымыздың есабынан алдынғы 70 сотых ыссыханаға қосымша 1 гектар жерге ыссыхана қурып, ҳәзирги күнлери жерлерди шүдигарлап егиске таярлап қойыппыз. Жәмийетимизде ҳәзирги ўақытта 15 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Сондай-ақ, егин егиў ҳәм өнимлерди жыйнаў дәўиринде оларға қосымша 20-30 адамды мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлеп атырмыз. Буның ушын ең әўели ҳүрметли Президентимизге ҳәм банк хызметкерлерине үлкен рахмет айтамыз.

– Өткен жылы район аймағында тойхана қурыў ушын «Халық банк»тиң  Шымбай районы филиалынан 7 жыл мүддетке 5 млрд сум жеңилликли кредит алған едим, – дейди «Шымбайлы Исламбек – Альбина» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Абадан Өтепбергенова. – Банктиң усындай жеңилликли кредитиниң арқасында  2025-жылдың октябрь айында 1000 орынлық «Дийдар» атлы  тойхана халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Тойханада халқымыз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Ондағы акустикалық үскенелер, заманагөй монитор ҳәм музыкалық аппаратуралар Қытай Халық Республикасынан алып келип, орнатылды. Баҳаларын да халыққа қолайлы етип қойыппыз.

Сондай-ақ, өткерилген пресс-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери Көкшиқала мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «HD SONS» жәмийетинде болып, кәрханада алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

– Кәрхананың толық қуўатлылықта ислеўи нәтийжесинде 300 жумыс орны жаратылды ҳәм жылына 5 мың тонна ийирилген жип өнимлери ислеп шығарылады – дейди Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Наргиза Толыбаева. – Соннан 8 миллион долларлық өним экспортқа жиберилиўи режелестирилген. Бул әлбетте, районымыз экономикасының жоқарылап, аймақ халқының жумыс пенен бәнтлигиниң тәмийинлеўине унамлы тәсир етеди.

Илаж даўамында журналистлер жәмийет басшыларына өзлериниң сораўларын берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы