Ҳүкимет комиссиясы қатнасыўында исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти

Қарақалпақстан Республикасында Инвестицияларды тартыў, санаатты раўажландырыў ҳәм саўданы тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясының гезектеги мәжилиси өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Бас прокурордың орынбасары Д.Касимов, Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов Ҳүкимет комиссиясы ағзалары менен биргеликте исбилерменлер менен олардың машқалаларын шешиў бойынша “Ашықтан-ашық сөйлесиў” болып өтти.
Сөйлесиўде 200 ден аслам исбилермен қатнасып, 50 ден асламының жер, жеңиллетилген кредит, коммуникация тармақларына жалғаныў, лицензия ҳәм басқа да мәселелер бойынша машқалалары тыңланды.

Соннан, 15 исбилерменниң машқалалары орнында шешилди, 40 қа шамалас мәселелер бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырма ҳәм көрсетпелер берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги