Муғаллимлер, шаңарақлар ҳәм исбилерменлер ушын нызамшылықтағы өзгерислер

6

Өзбекстанда социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм бәнтликти арттырыўға қаратылған гезектеги әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Бул жаңалықлар 2026-жылдан баслап муғаллимлер, кем тәмийинленген шаңарақлар, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Белгиленген тәртипке муўапық, усы жыл 1-марттан баслап “мәҳәлле жетилиги”ниң жуўмағы тийкарында Социаллық реестрге киргизилген I топар майыплығы болған ҳәм мийнетке жарамлы ағзасы болмаған шаңарақлардың турақ жай шараятын жақсылаў жумыслары әмелге асырылады.

Атап айтқанда, квартиралардың дийўал ҳәм төбелерин изоляциялаў, энергия үнемлеўши айна ҳәм есик орнатыў, сондай-ақ, қуяш панеллери ямаса гелиоколлекторлар орнатыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-марттан аўыр категориядағы районларда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер жыллық 12 процент ставкада ажыратылады. Бул халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәрамат дереклерин кеңейтиўге хызмет етеди.

Және бир әҳмийетли жаңалық – 2026-жыл 1-марттан ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси район ҳәм қала ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады. Бул қарар усы институтлардың жуўапкершилигин ҳәм тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылған.

Ең үлкен итибар кәсиплик билимлендириў тараўына қаратылмақта. 2026-жыл 1-июльден 2028-жыл 1-январьға шекем Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан кәсиплик билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жаңа субсидиялар енгизиледи. Соның ишинде, оқытыўшылар ҳәм өндирислик билимлендириў усталарына халықаралық дәрежеде тән алынған ҳәм миллий кәсиплик сертификатларды алыў ушын жумсалған қаржылардың 50 проценти қаплап бериледи. Бул муғдар БЕМниң 20 есесине шекем болыўы мүмкин.

Буннан тысқары, маманлықты баҳалаў орайларын шөлкемлестирген исбилерменлерге сатып алынған баҳалаў қураллары қәрежетлериниң 30 проценти, бирақ БЕМниң 200 есесинен аспаған муғдарда субсидия ажыратылады.

Бул қарарлар билимлендириўдиң сапасын арттырыў, кәсиплик маманлықты раўажландырыў, социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА