Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын қуяш энергиясы тийкарында дәрамат дереклери жаратылады

10

Кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм “жасыл” экономиканы раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады.

Усы мақсетте “аўыр” мәҳәллелерде қосымша дәрамат дереклерин жаратыўға қаратылған гезектеги әҳмийетли қарар қабыл етилди.

Атап айтқанда, 2026-жыл 9-февральда қабыл етилген “Аўыр мәҳәллелерде киши қуяш электр станцияларын қурыў арқалы кәмбағал шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары усылардыӊ қатарына киреди.

Қарарға муўапық, “аўыр” мәҳәллелерде дәрамат келтиретуғын актив сыпатында қуўатлылығы 300-500 кВт саат болған киши қуяш электр станцияларын иске қосыў белгиленди. Бул жойбарларды қаржыландырыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен 110 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Ҳүжжетте белгиленгениндей, бир ай мүддетте төмендеги мәселелерди қамтып алған Президент қарарының жойбары киргизиледи:

– киши қуяш электр станцияларын нызамшылықта белгиленген тәртипте жойбарластырыў, мәмлекетлик экспертизадан өткериў, тендер тийкарында жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемди анықлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын шөлкемлестириў;

– усы станцияларды пайдаланыўға қабыл етиў ҳәм оларды нәтийжели басқарыўды тәмийинлеў;

– қуяш электр станцияларында ислеп шығарылған электр энергиясын сатыўдан түскен қаржыларды бөлистириў механизмлерин белгилеў.

Бул қарар “аўыр” мәҳәллелер халқының дәрамат дереклерин кеңейтиў, жасыл энергиядан пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

Ҳамроз Баянов,

 ӨзАның хабаршысы