Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын

Республикамызда медицина тараўында сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиў жумыслары жетилистирилип, халықтың саламатлығын қорғаў бойынша заман талаплары тийкарында жаңалықлар енгизилмекте.
Соның ишинде, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы ҳәм Израиль мәмлекети сыртқы ислер министрлигиниң “MASHAV” агентлиги арасында бирге ислесиў жумыслары жедел раўажланбақта. Әсиресе, агентликтиң медицина тараўында алып барып атырған кең көлемли жумысларының нәтийжесинде жолға қойылған жойбарлары өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр. Усындай жойбарлардың бири Қарақалпақстандағы “Меҳирли инсанлар” қоры тәрепинен әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайында суў менен емлеў процедурасын өткериў ушын барлық қолайлықларға ийе хана шөлкемлестирилди ҳәм керекли үскенелер менен тәмийинленди.
Жақында усы қордың ўәкиллери бул орайда болып, наўқасларға жаратылған имканиятлар менен танысты. Сондай-ақ, өз гезегинде наўқаслар ҳәм олардың ата-аналары да бул жаратылған шараятлардан қанаатланып, келген мийманларға өз миннетдаршылығын билдирди.

– Бул жаратылған шараятлар өз гезегинде орайымызда емленип атырған балалардың тезирек саўалып кетиўине жәрдем береди. Себеби, ҳаўа-көбикли суў менен курслы емлеў организмниң қорғаныў күшлерин арттырады. Қан ҳәм лимфа айланысының жақсыланыўы есабынан иммун системасы активлеседи. Аяқтың табанында жайласқан барлық ноқатлар арқалы гидро ванна менен организмдеги қан айланысын активлестиреди ҳәм иммунитетти көтереди – дейди Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайы директоры Гүлистан Назарымбетова. – Усындай қолайлы шараятларды жаратып бергени ушын “Меҳирли инсанлар” қорына үлкен рахмет айтамыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы