Шай қалта – еркеклер дәстүрий кийиминиң сийрек ушырасатуғын элементи

12

Шай қалта – шай ушын арналған кестеленген қалта болып, И.В.Савицкий атындағы музей коллекциясындағы еркеклер кийимлериниң сийрек ушырасатуғын бийбаҳа буйымларының бири.

Сапар даўамында зәрүр болған шай ҳәм қумшекерди сақлаў ушын ер жигитлер оны өзлери менен алып жүрген. Ондағы ҳәр бир нағыс өз алдына мәниске ийе: “мүйиз” сыяқлы миллий нағыслар қорғаўшы белги болып, жақсы тилеклерди аңлатқан. Шай қалта әпиўайы кестеленген қалта емес, ал, жас келин ҳәм күйеў арасындағы меҳир-муҳаббаттың, садықлықтың белгиси есапланған. Пәтия (атастырыў) дан соң қыз келешектеги өмирлик жолдасы ушын шай қалтаны арнаўлы кестелеген – бул септиң бир бөлеги болып, оның шеберлигин, шыдамлылығын сәўлелендирген.

Бүгинги күнде шай қалта қарақалпақ кестешилигинде сийрек ушырасатуғын халықтың материаллық емес мәдений мийрасының әҳмийетли гүўасы сыпатында қәдирленеди. Бундай буйымларды пуқта сақлаў арқалы музей көркем өнер шығармасына айланған дәстүрлер естелигин сақлап келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги