Омбудсманның 2025-жылдағы жумысы жуўмақланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ниң 2025-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, өткен дәўирде Омбудсман мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер және лаўазымлы шахслар тәрепинен инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен тәсиршең ҳәм нәтийжели парламентлик қадағалаўды әмелге асырған. Есабат жылында Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) атына мәмлекетимиз ҳәм сырт мәмлекетлердиң пуқаралары және омбудсманлары, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа да юридикалық тәреплерден 26 мың 372 мүрәжат келип түскен.

Пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў Омбудсман жумысында тийкарғы орын ийелеген. Атап айтқанда, парламентлик қадағалаў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында 2025-жылы Омбудсман тәрепинен пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў мақсетинде 194 тәсир илажы қолланылған. Пуқаралардың мәплерине жәми 11 млрд. 82 млн. сум өндирилген.
Сондай-ақ, көплеген пуқараның мийнетке байланыслы ҳуқықлары тикленген. Бузылған мийнет ҳуқықларын тиклеў мақсетинде халықтың әззи қатламына “pro bono” түринде судларға 88 арза, шағым арза ҳәм шағымлар киргизилиўинде жәрдем берилген.

Баянатта келтирилген мағлыўматларға бола, экологиялық ҳуқықлар менен байланыслы мүрәжатлар тийкарында бир қатар аймақларда мониторинг жумыслары әмелге асырылған. Соның ишинде, өндирис кәрханаларының жумысы нәтийжесинде қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсеткен жағдайлар бойынша кәрханаларда заманагөй шаң ҳәм газ услаў қурылмалары орнатылған, қоршаған орталыққа жеткерилген зыян ушын компенсация қаржыларының өндирилиўи тәмийинленген.
М.Комилова, ӨзА