Электрон коммерция платформалары ҳәм сервислери жедел раўажландырылады

Парламенттиң төменги палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде фракция ағзалары бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты. Соның ишинде, электрон коммерция тараўын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары электрон коммерцияның ашық-айдын экосистемасын жаратыў, электрон коммерция платформалары ҳәм сервислерин жедел раўажландырыўға қаратылған.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде электрон коммерция тараўындағы тутыныўшылардың айланысына кирип атырған жаңа бағдарлар – электрон саўда платформасы, буйыртпалар агрегаторы ҳәм санлы стриминг хызмети және олардың операторлары түсиниклери анықластырылды.

Сондай-ақ, трансшегаралық электрон коммерция атамасына анықлама берилип, оның тәртип-қағыйдаларын ислеп шығыў зәрүрлиги ҳаққындағы қағыйдалар киргизилди.
Буннан тысқары, жойбарда электрон коммерцияға байланыслы хызмет көрсетиў ҳәм саўда қатнасықларында тутыныўшыларға таңлаў етиў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў және олардың мәплерин қорғаўға қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, электрон коммерция операторларына тутыныўшылар тәрепинен пикирлер қалдырыў имканиятын жаратыў, оларды өзгертпеў ҳәм сақланыўын тәмийинлеўге байланыслы миннетлемелер белгиленди.

Нәзерде тутылып атырған нормалар экономикадағы жасырын айланыслар көлемин қысқартыў ҳәм электрон коммерция қатнасықларын жетилистириўге хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА