Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўи: Таў-кән ҳәм геология тараўындағы жаңа перспективалар

Исламабад қаласында болып өткен Өзбекстан-Пакистан бизнес форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “HRL Group” компаниясының баслығы Зоҳид Рафиқ пенен ушырасыў өткерди.
“HRL Group” компаниялар топары қурылыс, таў-кән санааты ҳәм энергетика тараўларында жумыс алып баратуғын ири халықаралық кәрханалардан бири болып есапланады.

Ушырасыў ўақтында Өзбекстан тәжирийбесин қолланған ҳалда Пакистан аймағындағы мыс, алтын ҳәм оғада әҳмийетли минераллар кәнлеринде биргеликтеги геологиялық-излеў жумысларын алып барыў перспективалары додаланды.
Сондай-ақ, усы ушырасыўлар шеңберинде Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги басшылығындағы Өзбекстан делегациясы “HRL Group” компаниясының ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерди. Таў-кән санааты ҳәм геология министриниң кеңесгөйи Б.Нарматов ҳәм “Uzbek Overseas Geology Company”дың бас директоры Х.Омонов сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша еки мәмлекет арасында геология-излеў жумысларын әмелге асырыўға қаратылған өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойды.
Бул келисим Өзбекстан ҳәм Пакистан арасында таў-кән ҳәм геология тараўларындағы стратегиялық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етеди.
ӨзА