Февраль айыныӊ ақырына шекем бақша балалары гриппке қарсы бийпул шаншылады

25

Усы жылдың февраль айының ақырына шекем мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланып атырған балалар гриппке қарсы бийпул шаншылады. Буның ушын мәмлекет тәрепинен 520 мың доза гриппке қарсы вакцина сатып алынып, аймақларға жеткерип берилди.

Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитетиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, мектепке шекемги жастағы балалар грипп вирусына қарсы ең қорғансыз қатлам есапланады. Жәмәәтте балалар көп болғаны себепли инфекция тез тарқалады ҳәм кеселлик аўыр өтиўи мүмкин. Әсиресе, қыс мәўсиминиң ақыры – февраль айында грипп асқыныўлар менен белгили болыў қәўпи жоқары болады.

Февраль айында өткерилип атырған шаншыў арқалы балалар пневмония, бронхит, отит сыяқлы аўыр асқыныўлардан қорғалады, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ғалаба кеселлениў жағдайларының алды алынады. Атап өтилиўинше, грипп вируслары февраль-март айларында да жедел болады. Вакцина жиберилгеннен соң 10-14 күн ишинде бала организминде иммунитет қәлиплесип, мәўсим ақырына шекем қорғаў тәмийинленеди.

Медициналық мағлыўматларға бола, грипп әпиўайы аязлаў емес. Ол балаларда жоқары температура, күшли зәҳәрлениў, дем алыў қыйынласыўы ҳәм өкпе исиўи сыяқлы аўыр жағдайларға алып келиўи мүмкин. Статистикалық бақлаўлар шаншылмаған балаларда кеселлик аўыр өтиўи ҳәм асқыныўлар көбирек ушырасатуғынын көрсетпекте. Емлеў болса кеселлениў қәўипин азайтыў менен бирге, кеселликтиң жеңил түрде өтиўин тәмийинлейди.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, гриппке қарсы шаншыў баланың иммун системасын беккемлейди, жәмәәтте инфекция тарқалыў шынжырын үзеди. Бул болса тек ғана балалар ушын емес, ал ата-аналар ҳәм билимлендириў мәкемелери ушын да айрықша әҳмийетке ийе.

Хабарда атап өтилиўинше, шаншыў процесинде барлық балалар шыпакер көригинен өткериледи ҳәм тек ғана саламат балалар шаншылады. Гриппке қарсы вакциналар қәўипсиз ҳәм нәтийжели болып, көп жыллық медициналық әмелиятта өз нәтийжесин дәлиллеген.

Қәнигелер ата-аналарды балаларын өз ўақтында шаншыўға шақырып, шаншыў саламат келешекти тәмийинлеўде ең исенимли қураллардан бири екенин атап өтпекте.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

 ӨзАның хабаршысы