Бажыхана басқармасында кәсиплик аўқамы есабат берди

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында басланғыш Кәсиплик аўқамы тәрепинен 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша жеке қурамға есабат берилди. Мәжилисте Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан кеңеси баслығының орынбасары, бажыхана басқармасының басшылары ҳәм жеке қурамы қатнасты.
Есабатта атап өтилиўинше, 2025-жыл даўамында хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде 1 хызметкерге 300 млн. сум муғдарында ссуда берилген. АТ “Алоқа банк” пенен биргеликте 5 хызметкер турақ жай сатып алыўы ушын төмен процентли ипотека кредитлери менен тәмийинленди. Ал, 3 хызметкер ҳәм олардың ата-аналары саламатландырыў орынларына жеңиллетилген жоллама алыўда әмелий жәрдем көрсетилди. Хызметкерлердиң мәдений дем алыўы ушын 95 театр ҳәм концертлерге билетлер сатып алынды. Хызметкерлердиң перзентлери ушын жаңа жылдағы сахналастырылған байрамларға билетлер сатып алыныўы тәмийинленди.
Сондай-ақ, 26-январь – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен басланғыш Кәсиплик аўқамы шөлкеми қаржылары есабынан 70 хызметкерге баҳалы саўғалар тапсырылды. Буннан тысқары, бажыхана хызметкерлериниң перзентлерин жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўинде қоллап-қуўатлаў мақсетинде Бажыхана комитети Баслығының усыныслары тийкарында өткен жыллар даўамында жәми 12 хызметкердиң перзенти республикамыздың абырайлы жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етилди.
Илаж жуўмағында 2026-жылы әмелге асырылатуғын жумыслар режеси додаланып, алдағы ўазыйпалар келисип алынды.




Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги