Пуқаралардың мүрәжатлары  көрип шығылды

17

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен өзиниң гезектеги жеке қабыллаўын өткерди. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен бәнтлик, кадастр, қурылыс тараўы бойынша ҳәм социаллық-экономикалық мәселелерге байланыслы мүрәжатлар билдирилди.

Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәр бир мүрәжатты ҳәр тәреплеме тыңлап, жуўапкер шөлкем ҳәм уйымлардың басшыларына нызамлы тийкарда оператив илажлар көриў, машқалаларды орнына шығып үйрениў ҳәм белгиленген мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берди.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер орнында шешилди, қосымша үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлар бойынша  жуўапкерлерге қадағалаўға алыў белгиленди. Атап өтилгениндей, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў – мәмлекетлик уйымлар жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болып, ҳәр бир мүрәжат нызам шеңберинде көрип шығылады.

Бул қабыллаў халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди жолға қойыў, бар машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды нәтийжели шешиўге хызмет етти.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги