Уллы шайыр дөретиўшилиги студентлер нәзеринде

Уллы сөз шебери, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының өмир жолы, бизге мийрас қалдырған бай әдебий шығармаларының жаслар тәрбиясында тутқан орны айрықша есапланады. Сөз мүлкинин султаны Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институтында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Илажда өзбек тили, тиллер ҳәм жәмийетлик пәнлер кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Әдебий кешеде шығып сөйлеўшилер Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында айтып өтти. Кеше даўамында институттың студент-жаслары тәрепинен шайыр қәлемине тийисли поэзиялық қатарлар, сахналық көринислер ҳәм ғәзеллери атқарылып, жыйналғанларға руўхый азық бағышлады.



Арадан қанша дәўирлер өтсе де поэзия майданының гүлтажы болып киятырған шайыр шығармалары келешек әўлад қәлбинде узақ жыллар сақланып, өзбек әдебиятының қунлылығын арттырып барары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги