9-февраль – Әлийшер Наўайының туўылған күни

Бүгин, 9-февральда уллы шайыр ҳәм ойшыл, мәмлекетлик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайының 585 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Әлийшер Наўайы өз дәўиринде илим-пән, ағартыўшылық қәўендери еди ҳәм ол ҳаққында әжайып пикирлерди алға қойған. Ол ақыл, илим инсанның ең гөззал ҳәм зәрүр пазыйлетлеринен бири, ҳәр бир инсанның ең әҳмийетли миннети илим алыў, деп есаплады. Наўайының пикиринше, илим-пәнди ийелеў ушын жаслықтан баслап қунт пенен оқып-үйрениў керек:
“Жасыңда жыйна билимди, қартайған соң жумса оны”, деген шайырдың өзи де жүдә жаслығынан билим алады, оқыўға бериледи.
Уллы ойшыл қалдырған үлкен руўхый мийрас әсирлер даўамында өзиниң әҳмийетин жоғалтқан жоқ ҳәм бул келешекте де жәмийеттиң ҳәр бир тараўында әҳмийетли қолланба болып қалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги