Кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги системасында көп жыллар даўамында пидайылық пенен хызмет еткен, елимиздиң тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосқан, халкымыздың шексиз ҳүрметине бөленген, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, II дәрежели «Шон-шараф» ордениниң ийеси, отставкадағы генерал-майор Жаңабай Палымович Шылманов 86 жасында қайтыс болды.
Марҳумның қайтыс болыўы мүнәсибети менен шаңарақ ағзалары, жақынлары, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлерине терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Генерал-майор Жаңабай Палымович Шылманов 1940-жылы 16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районында дүньяға келген.
1957-жылы район орайындағы орта мектепти питкерип, 1957-1962-жыллары Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының инглис филологиясы факультетинде оқыған ҳәм ол жерди жеңилликли диплом менен табыслы питкерген.
Мийнет жолын 1962-1965-жыллары Тыныш океаны әскерий-теңиз флоты қатарында инструктор сыпатында баслаған. Бул хызмет даўамында оған дәслепки «лейтенант» әскерий шени берилген ҳәм «Айрықша хызметлери ушын» медалы менен сыйлықланған. Кейин ала Кегейли районындағы орта мектепте муғаллим, районлық жаслар кеңеси баслығы лаўазымларында хызмет еткен.
1966-жылы Мәмлекетлик қәўипсизлик комитети қатарына қабылланып, Минск қаласындағы арнаўлы мектепти питкерген ҳәм усы хызметтиң жоқары арнаўлы жаўынгерлик таярлығынан өткен. 1980-1981-жыллары «Каскад-2» арнаўлы топары қурамында Аўғанстанда жаўынгерлик хызмет ўазыйпаларын орынлаған.
Кейин ала Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик комитетинде бөлим баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик комитети баслығының орынбасары, 1983-1987-жыллары Қарақалпақстан Республикасы партия комитетиниң Ҳәкимшилик бөлими баслығы лаўазымларында жуўапкершиликли жумыс алып барған.
1987-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, 1991-2002-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри лаўазымында хызмет етип, системаның раўажланыўы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге салмақлы үлес қосқан.
Халқымыз алдындағы пидайылық пенен еткен хызметлери ушын Жаңабай Шылманов «Ишки ислер генерал-майоры» жоқары әскерий шени, II дәрежели «Шон-шараф» ордени ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист ҳүрметли атағы менен сыйлықланған.
Жаңабай Шылманов өмирлик жолдасы менен төрт перзентти камалға келтирип, оларды жоқары мағлыўматлы маман кадрлар етип тәрбиялады. Олардың екеўи әкесиниң кәсибин мүнәсип даўам еттирди.
2002-жылдан ҳүрметли демалысқа шыққан генерал-майор Жаңабай Шылманов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде комитет баслығы, сондай-ақ, Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы лаўазымларында да узақ жыллар даўамында нәтийжели жумыс алып барды.
Пидайы инсан, ҳүрметли нураный, әдиўли устаз Жаңабай Палымович Шылмановтың жарқын естелиги халқымыздың жүрек төринде мәңги сақланып қалады.
А.Орынбаев, Ф.Эрманов, Р.Нуразизов, А.Атажанов, Б.Төребеков, Т.Абдижаббаров, А.Данияров.