Коррупция ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў илажлары талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, жаслар сиясаты ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўында алып барылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерилди.
Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Мәжилисте жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, орынларда түрли жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер додаланды. Сондай-ақ, жаслар менен тығыз ислесиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелери де көрип шығылды.
Өткерилген мәжилис даўамында мәҳәллелерде тынышлықты сақлаў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў, жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў, мәҳәллелердеги социаллық профилактикалық илажлардың алып барылыўы мәселелери де кең түрде талқыланды.
Буннан тысқары, коррупцияның алдын алыў бағдарындағы илажлар бойынша республика прокуроры, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм криминоген жағдайды турақластырыў илажлары ҳаққында Ишки ислер министри, сондай-ақ, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўындағы жумыслардың барысы бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығының баянатлары тыңланды.

Мәжилисте орынларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер көрсетип өтилип, айырым басшылардың өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги