Жолларда  қәўипсизлик илажлары көрилмекте

5

«Қар жаўды деп қуўанба, аязы болар соңынан» дегениндей аппақ қар қыс мәўсиминиң сәни болып, ҳаўа тазаланып, адамға жақсы кейпият бағышлағаны менен қардың соңынан болатуғын суўық ҳәм жоллардағы қолайсызлықлар жолаўшыларға қыйыншылықларды келтирип шығарады. Усындай ўақытта жуўапкер мәкемелердиң жумыс ислеў процеси опреативликти талап етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының баспасөз хаткери Д. Жумамуратов басқарма хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған жумысларды төмендегише мәлим етти:

– Күни кеше Нөкис қаласында қар жаўғанлығы  себепли қала көшелеринде жол-транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша оператив илажлар көрилди. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы системасындағы шөлкемлер тәрепинен арнаўлы техника ҳәм бригадалар тартылды.

Жолларда музлаў  жағдайларының алдын алыў мақсетинде автомобиль жол қатнаў бөлимлерине қум-дуз араласпасы себилди, сондай-ақ, қар тазалаў жумыслары үзликсиз даўам еттирилмекте. Бул жумыслар қала көшелеринде пуқаралардың қәўипсиз ҳәм еркин ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге қаратылған.

Соның менен бирге, бул илажлар тек ғана Нөкис қаласында емес, ал республиканың басқа да районларында жол хожалығы хызметкерлери тәрепинен системалы түрде әмелге асырылмақта. Жолларды қардан тазалаў ҳәм қум-дуз араласпасын себиў жумыслары аймақлар кесиминде үзликсиз даўам еттирилмекте.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги