Өзбекстан миллий университети менен бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды

6

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети ректоры менен еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Ушырасыўға Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети ректоры профессор Иномжон Маджидов ҳәм методикалық тәмийнат ҳәм билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша проректор Равшан Мусурмонов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқыў ислери бойынша проректоры Олимжон Дүйсенбаев, Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Изимбет Турдымамбетов, университеттиң Магистратура бөлими баслығы Илимпаз Алламбергенов докторантлар ҳәм магистрантлар қатнасты.

Ушырасыўдың тийкарғы мақсети жоқары оқыў орынлары арасындағы илим, билимлендириў, инновациялық жумыс, улыўма алғанда илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын тәмийинлеў бойынша өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў болып есапланады. Илаж даўамында Иномжон Мажидов Өзбекстан миллий университети ҳаққында жыйналғанларға мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, 108 жылдан берли кадрлар таярлап киятырған бул университеттиң тек ғана Азия мәмлекетлери емес, ал пүткил дүнья жүзи бойынша орны айрықша. Ҳәзирги күнде 56 тәлим бағдары бойынша студентлер оқытылып, оларға 19 академик, 250 илим докторлары ҳәм профессорлар, 450 ден аслам илим кандидатлары ҳәм доцентлер билим береди.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистрантлары ҳәм докторантлары да енди усы университет профессорлары менен бирге ислесиўи, китапхана базасы ҳәм илимий базадан пайдаланыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Илаж даўамында жыйналғанлар менен пикир алысылды. Магистрантлар ҳәм докторантлар өзлериниң усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Бийбисанем Жолдасбаева,

Бердақ атындағы ҚМУ дың 2-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги