Депутаттың басламасы менен мәҳәлледеги  машқалалар шешилмекте

19

Халық ўәкили – бул тек лаўазым емес, ал халықтың күнделикли машқалалары менен жақыннан шуғылланатуғын шахс болып есапланады. ӨзЛиДеПтен Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесине 3-Дослық сайлаў округинен сайланған Мадамин Казаков мине усындай белсенди ўәкил сыпатында айрықша итибарға ылайық.

Депутатлық жумысы даўамында Мадамин Казаков жергиликли бюджет ҳәм экономикалық реформалар, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша турақлы комиссияның баслығы сыпатында халықтың әҳмийетли машқалаларына әмелий шешим табыўға қаратылған бир қатар жумысларды әмелге асырмақта. Ол өзиниң депутатлық жумысы даўамында халықты қыйнап киятырған әҳмийетли машқалаларды шешиў мақсетинде жуўапкер шөлкемлерге 7 депутатлық сораў киргизип, олардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алған.

Депутаттың сораўлары тийкарында районда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, депутаттың “Фаровон” мәҳәллесиндеги сайлаўшылары менен болған ушырасыўында “Нәўбәҳәр” көшесинде 2001-жылы халық тәрепинен көмек жолы менен қурылған көпирдиң авариялық жағдайға келгенлиги ҳаққында мүрәжат келип түскен еди. Аймақта көпирдиң пайдаланылыўы халық ушын қәўипли жағдай жаратып атырғаны себепли депутат бул мәселени орнына шығып үйренди ҳәм тийисли уйымларға сораў жиберди.

Сораў нәтийжесинде Ислам раўажланыў банки тәрепинен көпирди қайта қурыў ушын зәрүр қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары басланды. Қурылыс жумыслары режесине муўапық алып барылмақта ҳәм усы жылдың март айында толық жуўмақланыўы күтилмекте. Бул халық ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўди тәмийинлейтуғын әҳмиетли илаж болып есапланады.

Сондай-ақ, “Фаровон,” “Янгиобод” ҳәм “Дўстлик” мәкан пуқаралар жыйынларында қыйтақ жерлерди суўғарыўда суў жетиспеўшилиги мәселеси бойынша да мүрәжатлар келип түсти. Аймақ турғынлары тәрепинен билдирилген бул машқалаға депутат араласыўы ҳәм сораўнама арқалы әмелий шешим табылды. Нәтийжеде, еки дана насос қурып берилди ҳәм ҳәзирги ўақытта 320 шаңарақтың қыйтақ жерлерине суў жетип барыўы тәмийинленди. Соның менен бирге, суўды ақылға уғрас үнемлеў ҳәм  каналларды үзликсиз пайдаланыў мақсетинде каналларды бетонлаў жумыслары да әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, мәҳәллелердеги 21 көше жолларының жағдайы халық ушын үлкен қыйыншылық туўдырып киятырғаны – әсиресе, жаўынлы ҳәм қарлы күнлерде ҳәрекетлениўди дерлик имкансыз етип атырғаны ҳаққында да депутатқа мүрәжат келип түсти. Бул мәселе депутат тәрепинен тийисли шөлкемлер менен үйренилди ҳәм 21 көшеге щебень-қум араласпасы (ЩПС) төсеў жумысларына март айынан старт берилиўи белгиленди. Бул илажлар мәҳәлле халқы ушын әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе болып, турмыс сапасын сезилерли дәрежеде жақсылаўға хызмет етеди.

Әмелге асырылып атырған бул жумыслар халықтың мүрәжатларын унамлы шешиў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм мәҳәлледе турмыслық әҳмийетке ийе мәселелерди сапластырыўға қаратылған болып, депутатлық қадағалаўда даўам еттирилмекте.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги