Халық пенен жүзбе-жүз: депутат  сайлаўшылар менен ушырасты

22

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесине 12-санлы “Өрнек” сайлаў округинен сайланған депутат Марат Аминов сайлаўшылар менен нәўбеттеги ушырасыўын өткерди.

Ушырасыў “Дийқан арна” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилип, онда мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери белсене қатнасты.

Илаж даўамында депутат тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген 6 тийкарғы бағдардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирип берилди. Сондай-ақ, мәмлекетти узақ мүддетли раўажландырыўға қаратылған жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыўға қаратылған тийкарғы бағдарларға тоқталып өтилди.

Ушырасыўдың ең әҳмийетли бөлеги пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаўға бағышланды. Халық тәрепинен коммуналлық хызметлердиң сапасы, инфраструктураны жақсылаў, жумыс орынларын жаратыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар мәселелерине байланыслы бир қатар усыныс ҳәм машқалалар билдирилди.

Депутат тәрепинен ҳәр бир мүрәжат итибар менен тыңланып, олардың шешимин табыў бойынша тийисли шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барыў, айырым мәселелерди депутатлық қадағалаўға алыў белгиленди.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агнетлиги