Қарақалпақстанлы жас үмитли футболшылар ҳәзир қайсы клубларда ойнамақта?

14

Соңғы жыллары елимизде спортқа, соның ишинде, балалар футболына қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўдың нәтийжесинде, дүнья футболында өз орнына  ийе  күшли футболшылар өсип жетилиспекте.

Солар арасында, Элдор Шомурадов, Абдуқодир Хусанов, Аббос Файзуллаев ҳәм Муҳаммадаали Ўринбаев сыяқлы футболшыларды айтып өтсек болады. Мине усындай футболшылардың қолға киргизип атырған табысларын өзлерине үлги етип алған қарақалпақстанлы жас футболшылар да Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубокларында өзлериниң шеберликлерин көрсетип, ҳәр жылы 2-3-футболшы мәмлекетимиздиң жас өспиримлер ҳәм жаслар сайланды командаларына ағза етип алынбақта. Соның менен бирге, олар елимиздиң ең күшли клублары менен шәртнама дүзип, ҳәзирги күни усы команда қурамында табыслы ойын көрсетпекте. Атап айтқанда, келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас футболшыларымыздан Әзизбек Еримбетов ҳәм Нурбек Сәрсенбаевлар мәмлекетимиздиң өткен жылғы мәўсими чемпионы Ферғананың «Нефтчи» клубында ойнап атырған болса, өткен жылы «Olimpik MobiUz»да ойнаған жерлеслеримизден дәрўазаман Самандар Муратбаев быйылғы жылы Қаршының «Насаф», ярым қорғаўшы Мухаммедали Реймов Ташкенттиң «Локомотив» командасы ағзасына айланды.

Әлбетте, бул трансферлер республикамыз жас футболшыларына үлкен мотивация болды деп айта аламыз ҳәм олардың алдағы каръреасына табыслар тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы