«Арал» жаңа мәўсимге пуқта таярланбақта

62

Ташкент қаласында футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасы ҳәм кубоги жарысларына пуқта таярлықлар көрип атырған Нөкистиң «Арал» клубы жаңа мәўсим алдынан бир неше клублар менен жолдаслық ойынларын өткерди.

Атап айтқанда, 5-февраль күни Ташкент қаласындағы Олимпия резервлери стадионында өткерилген ойында республикамыздың бас командасы Самарқандтың «Динамо» клубына қарсы ойынға түсип, Суперлига ўәкилине 0:4 есабында жеңилип қалды.

Ал, 6-февраль күни «Арал» Ташкент қаласының  «Пахтакор Фарм» клубы менен ойнап, өз қарсыласларын  3:2 есабында жеңип шығыўға еристи. Ушырасыўдың 15-минутында командамыз футболшысы Семир Маркисич «Пахтакор Фарм» дәрўазасын анық нышанға алып, есапты ашқан болса, 20-минутта ташкентли футболшылар командамыз дәрўазасына жуўап голын урыўға миясар болды. Буннан соң командамыз ойындағы үстинликти өз қолына алып, ушырасыўдың 23 ҳәм 55-минутларында «Арал» клубының ағзасы Руслан Ануаров «Пахтакор Фарм» дәрўазасын еки мәрте анық нышанға алыўға еристи.

Бул голға ташкентли футболшылар командамыз дәрўазасына 84-минутта жуўап тобын жоллап арадағы есапты 3:2 ге жеткерди ҳәм ушырасыў усы есап пенен жуўмақланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы