Уллы инсанның ибратлы ислери еске алынды

Бажыхана басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы “Мүриўбет” ҳаял-қызлар интернат үйинде 9-февраль – уллы шайыр ҳәм ойшыл, мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Бул илаж бажыхана хызметкерлериниң басламасы менен өткерилип, олар интернат үйинде жасап атырған майыплығы болған ҳаял-қызлардың жағдайынан хабар алды.
Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультети оқытыўшысы, шайыр Миржалол Сативалдиев та қатнасып, Әлишер Наўайы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар айтып, жазған қосықларынан оқып берди.



Ушырасыў даўамында тәрбияланыўшылар менен ашық сәўбетлесиў өткерилди. Олардың күнделикли талаплары, машқалалары ҳәм усыныслары дыққат пенен тыңланып, ҳәр бир мүрәжатқа итибар қаратылды.
Әлбетте, бундай ийгиликли басламалар жәмийетте адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм ғамқорлық сезимлерин беккемлеп, социаллық тилеклесликти буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги