Сыртқы ислер министрлигиниң мәлимлемеси тыңланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен Сыртқы ислер министрлигиниң мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи, ажыратылған қаржылардың жумсалыў жағдайы ҳәм олардың нәтийжелилиги бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Тыңлаўда министрлик жумысының финанслық нәтийжелилиги, қаржылардан пайдаланыўдың ашық-айдынлығы ҳәм белгиленген мақсетли көрсеткишлердиң турақлы орынланыўына итибар қаратылды.

Президентимиздиң Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги тапсырмаларынан келип шығып, экономикалық бирге ислесиў бағдарындағы жумысты буннан былай да күшейтиў, сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысында саўда-экономикалық нәтийжелиликти тийкарғы тийкарғы бағдар сыпатында белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда қаржы операциялары мониторингин буннан былай да жетилистириў, бюджеттен тысқары қаржылар менен байланыслы барлық қаржы процесслерин Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бирден-бир электрон программалық системасына интеграциялаў бағдарындағы жумыслардың жағдайы бойынша да министрликтиң мәлимлемеси тыңланды.

Бюджет қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм стратегиялық мақсетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли усыныслар берилди.
М.Комилова, ӨзА