Өзбекстан Ҳиндстаннан ҳайўан ҳәм қус импортын ўақтынша тоқтатты

19

Өзбекстанда 29-январьдан баслап Ҳиндстаннан тири ҳайўанлар ҳәм қуслар, сондай-ақ, Батыс Бенгалия штатынан мәмлекетлик ветеринария қадағалаўындағы барлық ҳайўанат өнимлериниң импорты ўақтынша тоқтатылды.

Бул ҳаққында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети хабар бермекте.

Бул қарар Жәҳән ҳайўанлар саламатлығын сақлаў шөлкеми (WOAH) ҳәм ашық дереклерде жәрияланған мағлыўматларға тийкарланған. Ҳиндстанның Батыс Бенгалия штатында Нипаҳ вирусының тарқалыўы себепли қыйын эпидемиологиялық жағдай жүзеге келген.

Сол себепли, Ҳиндстанның барлық аймағынан тири ҳайўанлар ҳәм қуслардың импорты тоқтатылды. Батыс Бенгалия штатынан мәмлекетлик ветеринария қадағалаўы астындағы барлық түрдеги товарлар импорты шекленди (халықаралық транзиттен тысқары).

Соның менен бирге, Ҳиндстанның барлық аймағынан тири ҳайўан ҳәм қуслардың импорты шекленди.

Мағлыўмат ушын, Нипаҳ вирусы ҳайўанлардан адамға жуғады ҳәм аўыр дем алыў жоллары кеселликлери және өлимге алып келетуғын энцефалитке себеп болыўы мүмкин.

Эпизоотиялық жақтан қәўипсиз аймақлардан өнимлер алып кириў мәселеси мәмлекетлик ветеринария хызмети тәрепинен айрықша көрип шығылады.

Еслетип өтемиз, пуқаралар Ҳиндстан ҳәм Қубла-Шығыс Азияда Нипаҳ вирусының тарқалыўы шараятында сақлық илажларын көриўге шақырылған, қәнигелер вирустың Өзбекстанға кирип келиў итималы жүдә төмен екенлигин атап өткен еди.

Ш.Маматуропова, ӨзА